Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплерди раўажландырыў агентлигиниң директоры Х.Умарова, Өзбекстан жаслар агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы, сенатор А.Данияровлар Нөкис қаласындағы Президент мектебинде болып, бул жердеги шараятлар менен жақыннан танысты.

 

 

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев орынларда әмелге асырылып атырған реформалар, дөретиўшилик жумыслары, ири жойбарлар менен танысыў мақсетинде 2018-жылдың 15-16-ноябрь күнлери  республикамызға сапары ўақтында елимиздиң ҳәр бир аймағында биреўден жаңа типтеги Президент мектеплерин шөлкемлестириў, бул жумысты Қарақалпақстаннан, Нөкис қаласынан баслаўды усыныс еткен еди. Елбасшымыздың 2019-жыл 20-февраль күнги «Президент мектеплерин шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында Нөкис қаласында да Президент мектеби ашылды.

 

 

 

Бул мектеп STEAM ((Science (пән), Technology (технология), Engineering (инженерлик), Art (көркем өнер) ҳәм Mathematics (математика)) пәнлерин оқытыўға қәнигелестирилген. Оқыўшыларға математика, физика, химия, биология, мәлимлеме технологиялары және шет тиллер алдыңғы билимлендириў методологиялары тийкарында тереңнен оқытылады. Усы пәнлерди оқытыўда дүнья жүзиндеги алдыңғы билимлендириў технологияларынан бири  болған «Team teaching» усылы қолланылмақта. Бунда  STEAM пәнлери шет елли ҳәм жергиликли муғаллимлер тәрепинен биргеликте оқытылады.

 

 

 

 

 

 

 

Президент мектебиниң оқыўшылары халық аралық пән олимпиадаларына, түрли таңлаўларға белсене қатнасып, сыйлы орынларды ийелеп келмекте. Айрықша атап өтиў керек, Президент мектебиниң оқыўшыларынан Зийнет Жийенбаева менен Мийрас Дощанов АҚШтың Аризона университетине, Шамсуддин Камалов Иллинойс технология институтына, Бийбимәрям Жолдасбаева Уллыбританияның Стирлинг университетине оқыўға қабыл етилди.

 

 

Оқыўшылардың сабақтан бос ўақытларын мазмунлы өткериўи ушын 18 пән, 4 спорт ҳәм 4 социаллық-мәдений дөгерек жумыс алып бармақта.

Мийманлар бул жердеги дөгерек жумыслары менен танысты. Әсиресе, роботехника дөгереги ағзалары тәрепинен исленген жумыслар оларда айрықша тәсир қалдырды. Бул дөгерек басшысы усы жыл январь айында Әнжидан ўәлаятында болып өткен таңлаўға қатнасып, биринши орынды ийеледи.

Буннан кейин мектепте поэзия кешеси болып өтти.

 

 

 

 

 

 

 

Оның ашылыўында Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплерди раўажландырыў агентлигиниң директоры Х.Умарова, Өзбекстан жаслар агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы, сенатор А.Данияровлар Президентимиздиң басшылығында жасларға жаратылып атырған шараятлар, қәбилетли оқыўшыларыды қоллап -қуўатлаў бойынша әмелге асырылып атырған илажларға тоқтап өтти.

Илажда Президент мектеби ҳәм И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектеби оқыўшылары, өзбек ҳәм қарақалпақ шайырларының қосықларынан әдебий оқыў атқарды. Бозатаўлы мектеп оқыўшысы Г.Оразбаева өзиниң қосығын оқыды. Жас бақсы, жыраў және сазенделер атқарыўындағы қосық ҳәм намалар, Президент мектебиниң қуўнақлар ҳәм зийреклер командасы ағзалары атқарған ҳәзиллер бәршеде айрықша тәсир қалдырды.

Усы мақала баспаға таярланып атырғанда және бир қуўанышлы хабар келди. Нөкис Президент мектебиниң оқыўшысы Н.Жумабаев АҚШтың Аризона университетине оқыўға қабыл етилди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.