Бүгинги  күнде қақланған  өнимлер ушын да талап артып, жаңа базарлар ашылмақта. Атап айтқанда, қақланған бурыш, ашшы бурыш, помидор, шийе, картошка, гешир, алмурт, әнжир өнимлерин дүньяның бир қатар мәмлекетлерине экспортқа шығарыў имканияты бар. 

Енди бул өнимлерди исбилерменлер менен дийқан-фермерлер өзи  қәлеген мәмлекетине 3-4 есе жоқары баҳаларда сатыўы да мүмкин. Бунда олар өз өнимин жәҳән базары талапларына муўапық, фитосанитариялық талапларға әмел еткен ҳалда экспортқа шығарыўы зәрүр болады.

Бунда өнимниң фитосанитар жағдайы атыздан экспортқа шекемги басқышларда өсимликлер карантини агроном-инспекторлары тәрепинен  бақлап барылады.

– Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өсимликлер карантини бойынша мәмлекетлик хызметлердиң жумысларын және де жетилистириў  илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, республикамыздағы экспортқа шығарылатуғын өнимлерди жетистириў, таярлаў менен шуғылланыўшы исбилерменлик субъектлерине өнимлерин дүнья базарлары талапларына муўапықластырыў, тийисли  мәсләҳәтлер менен бирге, әмелий жәрдемлер  бериў ушын өсимликлер карантини агроном-инспекторлары бириктирилди,-дейди Өсимликлер карантини аймақлық инспекциясының  жәмийетшилик пенен байланыслар бойынша қәнигеси М.Пирниязова. – Олар өнимди зыянлы организмлерден қорғаў илажларын алып барады, экспортқа сапалы өнимлер шығыўын тәмийинлейди.

Ҳәзирги күнде Қарақалпақстан Республикасында қақланған өнимлер экспорты менен шуғылланатуғын «Биогумус» фермер хожалығы болып, бул исбилерменлик субъекти Италия мәмлекетинен импорт етилген “San-Marzano” помидор сортын қуяш нурында кептирип, қақланған помидор өнимин  экспортқа  шығармақта.

– Өнимниң экспортқа шекемги дәўиринде; жетистириў, қақлаў, дузлаў, комплектлеў басқышларында өнимди карантин тексериўинен өткерип барыў экспортқа сапалы өним шығыўын тәмийинлейди,-дейди Нөкис районы агроном-инспекторы Аманбай Айтбаев. – Бунда карантин илажларының өз ўақтында, үзликсиз алып барылыўы өнимниң зыянланыўының алдын алыўға жәрдем береди.

«Биогумус» фермер хожалығы тәрепинен 2019-жылы Франция  мәмлекетине  17,5 тонна,  Италияға 17,9 тонна қақланған помидор өнимлери экспортқа шығарылған болса, 2020-жылда 17,9 тонна Франция  мәмлекетине экспорт етилген.

Қақланған өнимлер ушын жаңа базарлардың ашылыўы нәтийжесинде енди FМДА мәмлекетлерине, сондай-ақ, Таиланд, Қубла Корея, Филиппин мәмлекетлерине де экспортқа шығарыў имканияты пайда болды. Бул өз гезегинде, аўыл хожалығы өнимлериниң экспортлық көлеми ҳәм географиясының және де кеңейиўине хызмет етеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги