Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Ф.Алламбергеновтың басламасы менен Елликқала районында жаслардың машқалаларын үйрениў ҳәм олардың исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў бойынша ушырасыў болып өтти.

Илажда секторлардың басшылары ҳәм жуўапкер мәкемелердиң ўәкиллери қатнасты.

Атап өтилгениндей, бундай ушырасыўларды өткериўден тийкарғы мақсет, жаслардың бүгинги күнниң талабына сай билим алыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, олардың турмысындағы ушырасып атырған машқалаларды анықлаў ҳәм сапластырыў болып табылады.

Ашық-айдын пикирлесиў тәризинде өткерилген илажда жаслардың машқала ҳәм пикирлери тыңланып, 8 мүрәжат усы жердиң өзинде унамлы шешимин тапты. Сондай-ақ, жер ажыратыў бойынша 3,  банк-кредит бағдарында 11, жумысқа орналасыў бойынша 5, исбилерменлик  пенен шуғылланыў ушын жәрдем сораған 2, жәми қабыл етилген 22 мүрәжат нызамшылықта белгиленген тәртипте көрип шығыў ушын қадағалаўға алынды.

Қарақалпақстан Республикасы прокуроры усы күни райондағы 17, 38 ҳәм 50-санлы улыўма билим бериў мектеплеринде болып, оқыўшыларға жаратылған шараятлар менен танысты.  Онда анықланған тәбийғый газ, электр энергиясы, ишимлик суў тәмийнаты ҳәм басқада социаллық мәселелер бойынша орын алып атырған айырым кемшиликлерди сапластырыў бойынша тийисли мәкемелердиң басшыларына тапсырма берилди. Жоқарыда атап өтилген мектеплерге әдебий китаплар ҳәм спорт әнжамлары саўға етилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги