Стаж жетерли болмағанда да пенсия тайынланыўы мүмкин. Жумыс стажы толық болмаған ўақыттағы пенсиялар бар стажға сәйкес муғдарда тайынланады.

Жумыс стажы толық болмаған ўақыттағы пенсиялар:

жасқа байланыслы пенсиялар ушын – жасқа байланыслы ең кем  пенсияның 50 процентинен;

I-топар майыпларға майыплылық пенсиялары ушын – жасқа байланыслы ең кем пенсияның 100 процентинен;

II-топар майыпларына майыплылық пенсиялары ушын – жасқа байланыслы ең кем пенсияның 75 процентинен;

шаңарақтың мийнетке жарамсыз ҳәр бир ағзасына бағыўшысын жойытқанлығы пенсиясы ушын – жасқа байланыслы ең кем пенсияның 50 процентинен;

ҳәм атасы, ҳәм анасынан айырылған (шын жетим) ҳәр бир балаға бағыўшысын жойытқанлығы пенсиясы ушын – жасқа байланыслы ең кем пенсияның 100 процентинен кем болмаўы зәрүр.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги