Президент Шавкат Мирзиёев 26-январь күни быйылғы жылы турақлы экономикалық өсиўди тәмийинлеў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.

Мәмлекетимиз басшысының Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында атап өтилгениндей, 2021-жылы мәмлекетимиздиң экономикасы кеминде 5 процент өсиўи мақсет етилген. Бирақ, глобал экономикадағы анықсызлық узақ даўам етиўи мүмкинлиги экономикалық өсиўдиң қосымша резервлерин табыў ҳәм сапластырыўды талап етпекте.

Сонлықтан Президентимиз барлық дәрежедеги басшыларға өз тараўы бойынша мәҳәллелердеги жағдайды үйрениў, «өсиў ноқатларын» анықлап, оларды раўажландырыў ўазыйпасын қоймақта.

Мәжилисте бул бағдардағы илажлар ҳәм оларды әмелге асырыў механизми додаланды.

Экономикалық комплекс ўәкиллерин мәҳәллеге түсирип, вертикал системаны, барлық уйымлардың жумысын өз-ара муўапық жолға қойыў керек екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы бул системаға тартылатуғын қәнигелердиң билими ҳәм имканияты мәселесине айрықша итибар қаратты. 20 мыңнан аслам хызметкерди оқытып, оларға мәселени орнында шешиў бойынша барлық ўәкилликлерди бериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетлик басқарыў академиясына мәҳәлле басшылары ҳәм усы системада қатнасатуғын барлық хызметкерлер ушын оқыўлар шөлкемлестириў, оның ушын арнаўлы бағдарлама ҳәм қолланбалар ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Ҳәр бир басшының усы системадағы жеке  жуўапкершилигин белгилеў, барлық процесслерге жәрдем бериўши онлайн электрон платформа жаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Президент  кәмбағаллықты қысқартыў мәселесине және бир мәрте тоқтап өтип, жуўапкерлерге халықты исбилерменлик ҳәм кәсип-өнерге оқытыў,бәнтлигин тәмийинлеў бойынша көрсетпелер берди.

Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигиниң басшылары 2021-жылы  ҳәр бир тармақ ҳәм аймақ кесиминде экономикалық өсиўдиң қосымша дәреклери ҳаққында есабат берди.

Мәжилисте бул резервлерди толық иске қосып, қосымша экономикалық өсиўге ерисиў, макроэкономикалық турақлылықты тәмийинлеў илажлары көрип шығылды.

Тийкарғы азық-аўқат өнимлериниң жетерли болыўын тәмийинлеў, баҳаның артыўына тәсир көрсететуғын факторлардың алдын алыў мәселелерине және бир мәрте тоқтап өтилди.

Санаатта  да қосымша  резервлер анықланған. Әсиресе, жетекши тараўлар болған химия, металлургия, машина қурылысы, электротехника, фармацевтика, қурылыс материаллары, тоқымашылық, былғары аяқ кийим тараўларында «санаат шынжырларын» созыў керек екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, ири мәмлекетлик кәрханаларды трансформациялаў, қәрежетлерди ҳәм басқарма системасын оптималластырыў бойынша ўазыйпалар қойылды.

Хызметлер тараўында да иске  қосылған имканиятлар көп. Президентимиз оларды толық сапластырып, аймақларда сервис шақапшаларын көбейтиў, жаңа заманагөй хызмет түрлерин кеңейтиў  зәрүр екенлигин атап өтти. 2021-2023-жылларда хызметлер тараўын раўажландырыў бағдарламасына жаслар кеңнен тартылатуғынлығы белгиленди.

Мәжилисте инвестициялық жойбарлардың орынланыўына да тоқтап өтилди. Быйылғы жылғы Инвестициялық бағдарлама шеңберинде 1 мың 752 объект ушын дерлик 18 триллион сум бюджет қаржылары ажыратылған. Бул қаржылардан ақылға уғрас пайдаланыў, жойбар ҳүжжетлерин пуқта  ислеп шығыў ҳәм қурылыслардың сапасын тәмийинлеў бойынша көрсетпелер берилди.

Жуўапкерлер экономикалық комплекс қурамына киретуғын министрликлер ҳәм уйымлардың орта ҳәм төменги буўынын мәҳәллеге шекем түсирип, халыққа жақынласқан жумыс системасын жолға қойыў режелери бойынша мәлимлеме берди.

 

ӨзА