Усы жылдың 26-январь күни Қоңырат районы «Алтын көл» посёлкалық пуқаралар жыйыны аймағында халық көмеги менен қурып питкерилген «Молла Исҳақ» жәмәәтлик мешити өз жумысын баслады. Бул ҳаққында Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты хабар бермекте.

 

ҚР Әдиллик министрлиги тәрепинен усы мешиттиң жумыс алып барыўы ушын арнаўлы рухсатнама берилди.

Мағлыўмат ушын, усы мешит пенен Қоңырат районындағы мешитлер саны еки, республикамыздағы мешитлер саны елиў үшке жетти.

 

Еслетип өтемиз, усы жылдың 25-январь күни Нөкис қаласындағы «Жеке терек» МПЖ аймағындағы «Муҳаммад Бахий ийшан» жәмәәтлик мешити өз жумысын баслағаны ҳаққында хабар берген едик.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.