Өзбекстанда 28-январьдан кафе ҳәм ресторанлардың саат 08:00 ден 23:00 ге шекемги болған ўақытта жумыс алып барыўы менен байланыслы болған шеклеўлер бийкар етилди. Бул ҳаққында бүгин, 26-январь күни жәрияланған Республикалық арнаўлы комиссияның қарарында атап өтилген.

 

Қарарға муўапық, улыўмалық аўқатланыў кәрханалары ҳәм кеўилашар объектлер Министрлер Кабинетиниң «Түнги ўақытта жумыс алып баратуғын улыўмалық аўқатланыў кәрханалары ҳәм кеўилашар объектлерде жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы 2019-жыл 24-июльдағы қарарының талаплары шеңберинде өз жумысларын даўам еттириўи мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.