Республикалық арнаўлы комиссияның қарарына муўапық, Өзбекстанда 28-январьдан концерт-тамаша илажларын шөлкемлестириўге рухсат бериледи.

 

Атап өтилиўинше, соңғы ўақытларда келип түскен көплеген мәденият тараўы ўәкиллериниң мүрәжатларын есапқа ала отырып, сондай-ақ, халықтың мәдений дем алыўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде концерт-тамаша илажларын 2021-жылдың 28-январынан баслап санитариялық-эпидемиологиялық талапларға қатаң әмел еткен ҳалда шөлкемлестириўге рухсат берилди.

 

Республикалық арнаўлы комиссияның қарары тийкарында концерт ҳәм тамаша илажларын өткериў бойынша төмендеги талаплар белгиленди:

 

– концерт сарайларының тамашагөй сыйымлылығын есапқа алған ҳалда тамашагөйлер санын 50 проценттен арттырмаған ҳалда шөлкемлестириў;

 

– концерт сарайларының тамашагөйлер ушын арналған орынлардан аралықты сақлаған ҳалда пайдаланыўын тәмийинлеў ҳәм бул бойынша аралықты сақлаў ушын талап етилетуғын орынларды консервациялаў;

 

– концерт сарайларына баратуғын тамашагөй және хызмет көрсетиўши хызметкерлер қатаң түрде нықапта болыўы.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.