Президент Шавкат Мирзиёев 25-январь күни санаат ҳәм логистика тараўларына байланыслы инвестициялық жойбарлардың презентациясы менен танысты.

Олардан бири – Ташкент қаласында ағартылған қаңылтыр ислеп шығарыў жойбары. Оның ушын  280 миллион евро қаратылады. Оның жыллық қуўатлылығы 120 мың тонна болыўы, 750 жумыс орны жаратылыўы режелестирилген.

Жиззақ ўәлаятында жоқары маркалы цемент ислеп шығарыў жойбары да перспективалы. Баҳасы 2 триллион сумнан аслам болған бул жойбардың нәтийжесинде жылына 1 миллион 300 мың тонна цемент таярлаў, соннан 200 мың тоннасын экспорт етиў қуўатлылығы пайда болады.

735 миллиард сумлық және бир жойбар музлатқыш, суўытқыш ҳәм кондиционерлер ушын герметикалық компрессор ислеп шығарыўға қаратылған. Оның жыллық қуўатлылығы 3 миллион дана болып, соннан 500 мың данасы экспортқа бағдарланатуғынлығы, 300 жумыс орны жаратылатуғынлығы мөлшерленген.

Сондай-ақ, электрон суў есаплағышлар, темир-бетон ҳәм керамикалық өнимлерге байланыслы жойбарлар көрсетилди.

Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятларда логистика орайларын шөлкемлестириў жойбарларына айрықша әҳмийет қаратылды. Бул орайлар азық-аўқат ҳәм азық-аўқат емес қоймаханаларды өз ишине алады, карго, курьерлик ҳәм электрон коммерциялық хызметлерди көрсететуғын болады. 5 мыңнан аслам жумыс орны жаратылады.

Мәмлекетимиз басшысы жойбарларды  сапалы әмелге асырыў ушын оларды экспертизадан өткериў бойынша тапсырма берди. Бул системаны тармақлар ҳәм аймақлар кесиминде де енгизип, инвестициялық жойбарлардың таярланыўын ҳәм орынланыўын баҳалап барыў, төменги буўындағы қәнигелерге жәрдем бериў зәрүр екенлигин атап өтти.

 

ӨзА