Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейинде Қарақалпақстан Республикасы Жаслар сыйлығы лауреаты, Қарақалпақстанға мийнети сиңген художник Ибрайым Жолымбетовтың «Келешекке қәдем» атамасындағы шеберлик сабағы өткерилди.
Оған Нөкис қалалық 12-санлы Әмет басқы атындағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби ҳәм Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектебиниң оқыўшылары қатнасты.
Оқыўшыларға художниктиң өмири, дөретиўшилиги, мийнет жолы ҳаққында кең түрде мағлыўмат берилди. Буннан соң оқыўшылар художниктиң музей коллекциясынан орын алған портрет, пейзаж жанрларында дөретилген мийнетлери менен жақыннан танысты.
Художник оқыўшыларға сүўретлеў өнериниң әҳмийети, сүўрет салыўдың өзине тән өзгешеликлери ҳаққында мағлыўмат берди.
-Художниктиң «Шын қобыз», «Қобыз услаған Қорқыт ата», «Арал композициясы», «Қара боран» дөретпелери оқыўшыларымызды Ўатанға садықлық, ана тәбиятымызды көздиң қарашығындай қәдирлеўге үйретеди, – дейди Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектебиниң сүўретлеў өнери пәни оқытыўшысы Тимур Султанов. Художниктиң ҳәр бир композициясы өзгеше бир тәсир қалдырады.
Мағлыўмат орнында соны да атап өтпекшимиз, художник А.Досназаров, К.Нурмуҳаммедов, С.Мәжитов, Қ.Ерманов, И.Бекимбетов ҳәм т.б. онлаған ел азаматлары, уллы тулғалар ҳаққында өз алдына картиналар жаратқан.
Қарақалпақ сүўретлеў өнериниң белгили ўәкили И.Жолымбетовтың дөретпелери дүньяның қырқтан аслам музейлеринде сақланып келинбекте.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы