«Downdetector» сервисинде социаллық тармақ пайдаланыўшыларының қалдырған комментарийлерине қарағанда, 2021-жыл 23-январь күни «Facebook» социаллық тармағы жумысларында пүткил дүнья бойлап үзилислер бақланды.

 

«Ўзкомназорат»тың мәлим етиўинше, социаллық тармақтағы үзилислер Ташкент ўақты менен саат 07:31 де бақланған.

 

Үзилислер жүзеге келгенлиги бойынша тийкарынан АҚШ, Уллы Британия, Нидерландия ҳәм Европа мәмлекетлеринде жасайтуғын пайдаланыўшылар шағым еткен.

 

Комментарий қалдырған пайдаланыўшылардың 56 проценти өз аккаунтына кире алмай атырғаны, 25 проценти «Facebook» өшип қалғаны, және 18 проценти болса мағлыўматлар ҳәм хабарлар лентасын көзден өткериўде техникалық машқалалар болғанын билдирген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.