Жумыссызлықты сапластырыў мақсетинде ҳәзирги ўақытта Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги басқарыўында болған колледжлер Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигине өткериледи. Бул ҳаққында 21-январь күни Президент Шавкат Мирзиёев Бухара ўәлаяты Олот районында ўәлаят белсендилери менен болып өткен жыйналыста айтып өтти, деп жазбақта «Kun.uz».

 

«Барлық колледжлер Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги басқарыўына өткериледи. Өзи колледжлердиң орны усы министрликте, жоқары билимлендириўде емес. Өйткени, министр Нозим Ҳусанов колледжлерге анық буйыртпалар қәлиплестирип береди. Колледжлер болса ҳәр бир аймақларға зәрүр болған қәнигелерди таярлайды», – деп айтып өткен Президент.

 

Шавкат Мирзиёевтиң айтыўынша, колледжлер жасларды кәсиплерге үйретип, бул бойынша сертификатлар бериўди жолға қояды. Сондай-ақ, «Жумысқа мәрҳамат!» моноорайларын ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларын колледжлерге бириктириў тапсырмасы берилди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.