Қарақалпақ халқы мың жыллық миллий қәдриятларға ийе халық.
Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Нөкис қалалық Кеңесиниң басламасы менен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Қарақалпақстан халық артисти Сапаргүл Даўлетова, өнермент, дизайнер Айзада Нурумбетова тәрепинен қарақалпақ ҳаял-қызларының миллий бас кийим (орамал)ин ораў бойынша мастер класс өткерилди.
– Миллий қәдириятларымызды қәдирлеў ҳәм сақлаў ҳәр биримиздиң инсаныйлық парызымыз есапланады,-дейди партияның Нөкис қалалық Кеңесиниң жетекши қәнигеси Г.Джумагулова. – Партияның Сайлаўалды платформасында миллий қәдриятларымыз, үрп-әдет, дәстүрлеримизди үгит-нәсиятлаў, кейинги әўладқа сап ҳалында жеткериў ўазыйпасы да көрсетилген.
Бас кийим ораўға партия хызметкерлери де қатнасып, образ жаратып, өзгеше кейпиятқа бөленди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги