Усы жылы 21-январь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Т.Нарбаева хызмет сапары менен Қарақалпақстан Республикасына келди.

Олий Мажлис Сенатының Баслығы дәслеп Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 11-ноябрьдеги «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўына бағышланған мәжилисте қатнасты.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов  басқарып барды.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басламасы менен мәмлекетимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыў, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеўге айрықша әҳмийет берилмекте. Бүгинги күни кең көлемли қурылыс және абаданластырыў, халықты, соның ишинде, жаслар менен ҳаял-қызларды социаллық жақтан қорғаў, исбилерменликти раўажландырыў бағдарында бир қатар жумыслар алып барылмақта.

Президентимиздиң жоқарыда атап өтилген қарары менен қала ҳәм районларымызды жедел раўажланлырыўға, ең әҳмийетлиси, аймақ турғынларының турмыс шараятларын жақсылаўға хызмет ететуғын үш жыллық бағдарламаның қабыл етилиўи республикамыз халқына көрсетилип атырған айрықша итибар және ғамқорлықтың әмелдеги көриниси болды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары Н.Ерлепесов қарардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша өткен жылы әмелге асырылған жумыслар ҳәм быйылғы жылға белгиленген ўазыйпалар бойынша шығып сөйледи.

Шығып сөйлеўшиниң атап өткениндей,  2020-2023-жылларда  жәми 2788 жойбарды әмелге асырыў белгиленген болса, соннан өткен жылы 705 жойбар иске түсирилди. Соның нәтийжесинде 4  мыңнан аслам жаңа жумыс орны жаратылды. Быйылғы жылдың биринши шерегинде 99 жойбарды иске түсириў режелестирилген.

Буннан соң қала ҳәм районларға бириктирилген жуўапкер министрликлер менен коммерциялық банклер ўәкиллериниң мәлимлемелери тыңланды.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Т.Нарбаева күн тәртибиндеги мәселе бойынша кешиктириўге болмайтуғын ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Атап айтқанда, жуўапкер министрлик, шөлкем, коммерциялық банклер ҳәм жергиликли ҳәкимликлерге перспективасыз деп табылған жойбарлардың орнына  усыныс етилген жаңа жойбарды үйренип, оларды иске түсириў бойынша тармақ кестелерин ислеп шығыў, мүддети созылатуғын ҳәм быйылғы жылдың биринши шерегине режелестирилген жойбарларды белгиленген мүддетинде иске түсириў тийис. Буннан тысқары барлық жойбарларды әмелге асырыўда интакерлерге кредит ҳәм жер ажыратыўда, ҳүжжетлерди рәсмийлестириўде ҳәм басқа да мәселелерде әмелий жәрдем бериў, Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлерге жаратылған қолайлы шараятлар, усынылып атырған салық жеңилликлери менен преперенцияларды кең жәмийетшиликке жеткериў арқалы исбилерменлерди  көбирек тартыў илажларын көриў кереклиги атап өтилди.  Ҳәр бир депутат өз округинде ушырасыўлар өткерип, қарар шеңберинде әмелге асырылып атырған жумысларды халықтың кең қатламына жеткериў ўазыйпасы белгиленди.

Усы күнниң өзинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Т.Нарбаева Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң киши мәжилислер залында ҳаял-қызлар мәселелери бойынша белсендилер менен ушырасты.

Атап өтилгениндей, өткен жылы Қарақалпақстан Республикасында 53 мың 887 ҳаял-қыздың бәнтлиги тәмийинленди. «Устаз-шәкирт» системасы тийкарында 977 ҳаял-қыз өнерментшиликке үйретилди. Сондай-ақ, аўыр турмыс шараятында жасап атырған 436 жумыссыз ҳаял-қыз жумыс пенен тәмийинленди. Турақ жайға мүтәж,  аўыр турмыс шараятында жасап атырған 100 ҳаял-қызға Ҳаял-қызларды ҳәм шаңарақларды қоллап-қуўатлаў мақсетли қоры есабынан 1 миллиард 565 миллион сум басланғыш төлеми төлеп берилди. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң басламасы менен Нөкис қаласы, Қараөзек ҳәм Мойнақ районларындағы  турақ жайға мүтәж 15 пуқараның 472 миллион сумлық басланғыш төлеми төлеп берилген болса, сектор басшыларының ҳәм қәўендерлердиң жәрдеми менен 33 ҳаял-қыз турақ жай менен тәмийинленди.

Ушырасыўда өткен жылы ҳаял-қызлар тәрепинен исленген жынаятшылық, өз жанына қастыянлық етиў ҳәм шаңарақлық ажырасыўлар атап өтилди. Ҳаял-қызлардың мәмлекетлик  ҳәм жәмийетлик жумыслардағы белсендилигин арттырыў, олардың исбилерменлик пенен шуғылланыўы ушын кең имканиятлар жаратыў, социаллық жәрдемге мүтәж ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап қуўатлаў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ХАБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери