Китаплар дүньясы
Поэзия – кеўил мүлки. Поэзияға ашық кеўиллер болса мисли ғәзийне тапқандай бахтияр. Жақсы шайырды, усы мәнисте, өзгеше шахсият деп айтыў мүмкин. Ол сыйқырлы сөз арқалы кеўиллерди ҳәмийше абат әйлейди.
Нәзийра Мәтякубованың итибарыңызға усынып атырған «Жанымдағы жақсылар» деп аталған жаңа китабы поэзия ышқыпазларына шайырының нәўбеттеги кеўил сырлары, поэзия гүлзарына шын кеўилден мирәти сыпатында қәдирли.
«Топламға кирген қосықларда турмыстың қарама-қарсылықлы мәўритлери, жарқын ҳәм көлеңкели таманлары да қәлемге алынады. Шайыр турмыстан туўылған сезимлеринен философиялық жуўмақлар шығарады.»,- дейди Қарақалпақстан халық шайыры Кеңесбай Каримов. Шайырдың қосық ҳәм поэмаларын Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист, шайыр ҳәм аўдармашы Кеңесбай Реймов ҳәм белгили шайыр Оразбай Сәтбаев қарақалпақшалаған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги