Китаплар дүньясында
Үстиртте илҳам қусын ушырған жазыўшы Өмирбай Өтеўлиевтиң «Қорқыт атаның желқобызы» атлы китабы тематикалық өзгешелиги менен ажыралып, оқыўшысын зериктирмей, өзине үйирип әкетеди деген ойдамыз. Ҳәр қашанғыдай үлкемиздиң тәбияты, өсимлик ҳәм ҳайўанатлар дүньялары, Арал машқалаларын шығармаларына өзек етип, жанлы образлар арқалы жаратқан.
Өткен әсирлерде жасап өткен, түркий тиллес халықлардың орталық жыраўы Қорқыт атаның желқобызын бүгинги заманласларымызға тыңлатқысы келеди. Үстиртте жасап өткен Халмурат шопанның айтқан қысқа ўақыялары бири-биринен қызықлы.
«Бас қатты ма, тас қатты ма?»ға салып, Ўатан гедайысы болған Абдулла (Андрей) немистиң ҳүждан азапларын бәршеге сабақ етип, өз елиңди сүйип жасаўға ҳәм садық қалыўға шақырады.
Китап «Qaraqalpaqstan» баспасында 2500 нусқада сапалы етип басып шығарылған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги