Сен келсең … жолларым тезлесермеди,

Үмитли жол қарап кетип бараман…

Келмек шадлығынан сөйлемем енди,

О қандай мәртебе, кетип бараман.

Бул Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, әжайып шайыр Cаъдулла Ҳакимнинг қосығынан алынған қатарлар. Өткен жылы пүткил дүньяға келген коронавирус апаты шайырды биймезгил арамыздан алып кетти. Румий ҳәзиретлери: “Қапа болма! Ҳәмме  өледи. Кимдур топыраққа, кимдур жүреклерге жерленеди” деп айтқанындай Саъдулла Ҳаким халқымыздың, поэзия ықласбентлериниң жүрегинен орын алғанлығы ҳақыйқат.

Сөзди қыз киби сайлаған ҳәм сүйген шайыр дөретиўшилиги менен танысар екенбиз, өмир картинасы рәң-бәрең реңлери менен көз алдымызда сәўлеленеди. Әпиўайы ҳақыйқатты әпиўайы тәризде тәрийиплеў – мине шын жетиклик, шын қәбилет.

Дос бизди сатыпты, жоқдур зарымыз,

Кеўлимизден кетти гирт-ғубарымыз.

Қанша зат базарда өтпей-ақ жатар,

Мың шүкир, бар екен қарыйдарымыз.

Яки

Бағ ҳайран қалады тербетип басын,

Ҳәзилкеш баладай ойнайды самал,

Хатты алып қашып оқыр асығып:

“Сүйгенмен, сүйемен, сүйип қаламан!”

Кеўилдегини көшириў аңсат емес. Сол себеп шайырлық ҳәммеге де несип ете бермейди. Ҳәр заманда, ҳәр миллетте бар-жоғы бир, еки шайыр ғана жетилисип шығады екен. Қай бири бизиң мүлгип жатқан сезимлеримизди оятса, қай бири бизди өмирге, жақсылыққа қуштар етсе, жүрекке от жайласағана, сол халық муҳаббаты ҳәм шексиз ҳүрметине миясар болады. Шайыр өзи жанып өзгелерди де жандыра алатуғын дәрежеде қәлем тербетти. Оның  «Ҳамал тонглари» (1981), «Сен кутган баҳор» (1986), «Ёз оқшоми» (1996), «Она сўз» (2000), «Сайланма» (2001), «Кўнгил юзи» (2006), “Кўҳна нақл” киби қосық китаплары халқымыз тәрепинен жыллы күтип алынды. Солар қатары “Эсимда қолган кунлар”, “Атом қаърига саёҳат” киби публицистикалық шығармалары, жәҳән әдебиятынан А. С. Пушкин, М. Ю. Лермонтов, С. Есенин, Гёте дөретиўшилигинен еткен аўдармалары әдебиятымызды және де байытыўға мүнәсип үлес болып қосылды десек қәтелеспеймиз.

Жақсы шығарма миллет те таңламайды, шегара да билмейди. С.Ҳакимнинг жақында “Билим” баспасынан қарақалпақ тилинде “Дебдиў” атлы қосықлар топламы басылып шықты. Онда ўатан туйғысы, өмир пасыллары, әдиллик, заманға шүкирлик сезимлери сәўлеленген қосықлар ҳәм “Журт уғланы” қасыйдасы орын алған. Поэзия ықласбентлери оқып көрип, руўхый азық алары сөзсиз.

Кеңесбай Реймов,

Өзбекстан Реcпубликасына

хызмет көрсеткен журналист.

Қарақалпақстан хабар агентлиги