Социаллық тармақларда «Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласындағы мектеп муғаллимлери жолларда мәжбүрий түрде нәўбетшилик етип атыр. Алдын нәўбетши муғаллимлерди машиналар жеңил түрде дүгип өтип, емлеўханада емленип шыққан. Айрым транспорт басқарыўшылар нәўбетши муғаллимлерди сөгип, мазақлап өтеди. Бул ЖПХның ўазыйпасы емес пе?» мазмунындағы видео жәрияланған еди. ҚР ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы баспасөз топары усы видео бойынша төмендегилерди мәлим етти.

 

Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы тәрепинен жол-транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў, сондай-ақ ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде ҳәр күни хызметкерлер хызмет орынларына  бириктириледи. Пуқараларымыздың қәўипсизлигин тәмийинлеў менен бир қатарда, өсип киятырған жас әўладтың да кәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

 

Мектеп оқыўшыларын азанда ҳәм түски ўақытлары мектеп әтирапындағы пиядалар өтиў орынларынан қәўипсиз өткериў мақсетинде ЖПХ инспекторлары бириктирилип, ҳызметкерлер өз ўазыйпасын ҳәр күни атқарып келмекте, ал басқа ўақытлары Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, сондай-ақ, барлық мектеп директорларының усыныслары менен «Мектеп нәўбетшилери» шөлкемлестирилген. Мектеп нәўбетшилериниң қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде нур қаўтарыўшы жилетлер ҳәм байрақшалар тарқатылған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.