2020-жыл 25-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев Өзбекстан жаслары форумындағы жаслар менен ушырасыўында ҳәкимлерге ҳәр бир қала ҳәм районлардан 5 қәбилетли жасты мәденият және көркем өнер тараўында жоқары оқыў орынларында жергиликли бюджет қаржылары есабынан оқытыў, келешекте өз аймағында турақ жай, қәнигелиги тийкарында жумыс пенен тәмийинлеў илажларын көриў бойынша тапсырмалар берген.

 

Өзбекстан жаслар ислери агентлиги ҚР басқармасының хабар бериўинше, Шымбай ҳәм Тақыятас районлары ҳәкимлери бул бойынша әмелий ислерди баслап жиберген.

 

Шымбай районында бүгин, 5-январь күни райондағы мәденият ҳәм көркем өнер тараўына қызығыўшы 18-30 жас аралығындағы қәбилетли жаслар кастинги өткерилмекте.

 

Кастингде жоқары нәтийже көрсеткен жаслар усы жылдың январь айынан баслап жергиликли бюджет қаржылары есабынан Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтына тест сынақларысыз қабыл етилип, студент болыў бахтына ериседи.

 

Тақыятас районы ҳәкими мәденият тараўы бойынша 5 қәбилетли жасты райондағы «Жаслар театры» дөгереги ағзаларынан алыныўын ҳәм олар усы оқыў жылының екинши семестринен баслап Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтының 1-курсына қабыл етилиўине ўәде берген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.