Елимизде жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, оларда әскерий хызметке болған мақтаныш сезимин оятыў, халық пенен армия бирлигин тәмийинлеў мақсетинде өткерилип атырған илажлар жаслардың ўатанға садықлығын арттырыўға хызмет етпекте.

Қараөзек районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 8 ҳәм 10-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде «Әскерий ўатансүйиўшилик кәрўаны» атамасында ушырасыў өткерилди.

Онда жыйналғанлардың нәзерине усынылған Нөкис гарнизоны әскерий бөлиминиң  бир топар әскерлериниң қурал менен сап тартып жүриўи ҳәм қол урысы көргизбели шығыўлары, әскерий оркестр тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы жыйналғанларға жоқары кейпият бағышлады.

Оқыўшылар арасында «Мерген» спорт  жарысы шөлкемлестирилип, жеңимпазаларға әскерий бөлим сәркардаларының «Ҳүрмет жарлығы» тапсырылды.

Буннан соң илаж қатнасыўшыларына мектептиң талантлы жасларының атқарыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.

Өткерилген илаж мектеп оқыўшыларында үлкен тәсир қалдырды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы