«2021-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы нызам тийкарында 2021-жыл ушын автотранспорт жыйымлары муғдары тастыйықланды. Жыйымлар муғдары 2020-жыл ушын белгиленген дәрежесинде қалдырылды, деп жазбақта «Қалампир».

 

Бунда төмендеги келтирилген кесте нәзерде тутылмақта:

Бунда:

 

– Өзбекстан Республикасы аймағы бойлап сырт еллердиң аўыр жүк тасыўшы ҳәм ири габаритли транспорт қураллары өткени ушын кестеде көрсетилген ставкалар бойынша жыйым төлениўи менен бирге қосымша тәризде төлем өндириледи;

 

– Өзбекстан Республикасына үшинши мәмлекетлерден жүклер алып өтиўде ҳәм Өзбекстан аймағынан жүклерди алып шығыўда Түркменстан жүк автотранспорт қуралларынан қосымша тәризде 175 АҚШ доллары муғдарында жыйым өндириледи;

 

– гуманитар жүклерди алып өтиўди автотранспорт қуралларының алып кирилиўи ҳәм транзитинде өндирилетуғын жыйымлар ставкасына салыстырғанда 0,5 кемейтиўши коэффициенти қолланылады;

 

– халықаралық шәртнамада басқаша қағыйдалар белгиленген болса, халықаралық шәртнама қағыйдалары қолланылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.