Қарақалпақстан Республикасы Прокурорының басламасы менен Хожели районындағы 1-санлы «Меҳрибанлық үйи» тәрбияланыўшылары ушын байрам илажы шөлкемлестирилди.

Атап өтиў тийис, «Меҳрибанлық үйи» тәрбияланыўшылары Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасының турақлы ғамқорлығында болып келмекте.  Илаж қатнасыўшылары бул жерде жаратылған шараятлар ҳәм оқыў-тәрбия процеси менен жақыннан танысты.

Байрам алдынан 110  тәрбияланыўшыға қысқы кийим-кеншек саўға етилген болса, 2020-2021-оқыў жылында жоқары оқыў орынларына мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабыл етилген 25 тәрбияланыўшыға Қарақалпақстан Республикасы Прокурорының ҳәм Халық билимлендириў министриниң  «Алғыснама»сы салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Буннан тысқары, «Меҳрибанлық үйи»нде тәрбияланып, бүгинги күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетине оқыўға кирген 14 студентке мәмлекет тәрепинен берилетуғын азық-аўқатлық затлар, жеке гигиена буйымлары, кийим-кеншек, жол ҳақы ҳәм стипендия ушын 37 миллион 426 мың сум пул қаржысының толық төлеп берилиўи ҳәм усы жаслардың оқыў орнының жатақханасына жайластырылыўы тәмийинленди.

Келешекте елимизде балаларды жетик инсанлар етип тәрбиялаў, өзлерине болған исенимди беккемлеў, жәмийетте белсене қатнасыўға көмеклесетуғын толық ҳәм мүнәсип шараятларда тәрбияланыўларына қаратылған бундай илажларды көплеп өткериў режелестирилген.

 

 Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы