Нөкис қаласында Қарақалпақстан Республикасы сектор басшылары, министрликлер ҳәм шөлкемлердиң жуўапкер хызметкерлери, судлар баслықларының қатнасында көшпели қабыллаў болды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасының басламасы менен шөлкемлестирилген илажда пуқаралар тийкарынан бәнтлик, исбилерменлик пенен шуғылланыў ушын кредит алыў, коммуналлық хызметтиң сапасы ҳәм басқа да мәселелер бойынша мүрәжат етти. Атап айтқанда, физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден жәми 187 мүрәжат болып, соннан 41 мәселе орнында өз шешимин тапты. Сондай-ақ, 36 мүрәжат ийесине ҳуқықый түсиник берилди. Ўақыт талап ететуғын 110 мәселе тийисли тараў басшыларына тапсырылып, оның шешими Халық қабыллаўханасы тәрепинен қадағалаўға алынды.

Көшпели қабыллаў шеңберинде жаслар менен ушырасыў өткерилди. Онда Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасының баслығы, сектор басшылары тәрепинен жаслардың пикир-усыныслары, олардың машқалалары тыңланды. Бир қатар жасларға жумысқа орналасыў ушын жоллама берилди. Атап айтқанда, Камила Абдиўатова кәсип-өнер колледжин питкерип, жумыссыз еди. Қабыллаўда оның мүрәжаты унамлы шешилип, Нөкис қаласындағы 52-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине тәрбияшы жәрдемшиси болып жумысқа орналасатуғын болды.

Сондай-ақ, «Темир дәптер», «Жаслар дәптери»не киргизилген шаңарақ ағзаларының өзин-өзи бәнт етиў мақсетинде субсидия тийкарында ыссыхана қурыў, жеңиллетилген кредит алыў, исбилерменлик пенен шуғылланыў ушын жер орнын ажыратыў ҳәм басқа да мәселелер бойынша кең түрде түсиник берилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасы Мәлимлеме хызметиниң атап өткениндей, гезектеги көшпели қабыллаў 28-декабрь күни Нөкис районында болып өтеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги