ӨзР Ишки ислер министрлиги бирлескен редакциясының хабар бериўинше, Хожели районында бир пуқара суўық урыўы ақыбетинде қайтыс болған.

 

Мәлим етилиўинше, усы жылдың 6-декабрь күни бийдәрек жоғалғаны ушын излеўге берилген Хожели районы «Сарышүнгил» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаған, 1991-жылы туўылған Н.Р.дың сыртқы көринисинен жарақатсыз өли денеси «Қулаб» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан табылған.

 

Өткерилген суд-медициналық экспертизасының дәслепки жуўмақларына муўапық, ол денениң улыўмалық суўық урыўынан қайтыс болғаны анықланған.

 

Ҳәзирги ўақытта бул бойынша сорастырыў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.