Президент Шавкат Мирзиёев 23-декабрь күни инвестициялар ҳәм сыртқы саўда тараўындағы жумыслардың нәтийжелилиги ҳәм 2021-жылға мөлшерленген тийкарғы ўазыйпаларды додалаў бойынша мәжилис өткерди.

Коронавирус пандемиясы пүткил дүнья экономикасына унамсыз тәсир көрсетти. Әсиресе, экспорт ҳәм инвестиция процесслеринде ҳәр қыйлы көрсеткишлер жүзеге келди.

Елимизде инвестициялық орталықты жақсылаў бойынша алдыннан көрилген илажлар өз нәтийжесин берди. Усы жылы 6,6 миллиард доллар тиккелей сырт ел инвестициялары өзлестирилди. Сондай-ақ, жыл жуўмағы бойынша 15 миллиард долларлық экспорттың әмелге асырылыўы күтилмекте.

Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы 2021-жылы да экономика ушын аңсат болмайтуғынын, соның ушын инвестицияларды тартыў, өзлестириў ҳәм экспорт прогнозларын тәмийинлеў, импорттың орнын басыўшы өнимлер ислеп шығарыўды көбейтиў ушын ҳәзирден-ақ анық, мәнзилли илажлар көриў зәрүр екенлигин атап өтти.

Келеси жылы 7,5 миллиард доллардан аслам тиккелей сырт ел инвестицияларын өзлестириў мақсет етилген. Мәжилисте бул қаржыны ҳәр бир жойбар бойынша толық ҳәм өз мүддетинде өзлестириў илажлары белгиленди. Бундай инвестициялар есабынан 226 ири жойбарды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў бойынша анық илажларды көриў тапсырылды.

Сондай-ақ, 69 перспективалы жаңа санаат жойбарын сапалы әмелге асырып, экономиканың өсиўине қосымша резерв жаратыў ўазыйпасы қойылды.

Бунда тийкарғы драйвер тараўлар болған химия, энергетика, машина қурылысы, геология, электротехника, фармацевтика ҳәм жеңил санаат тармақларына айрықша итибар қаратылады.

1-январьдан баслап, халықаралық финанс институтларының кредит қаржылары есабынан әмелге асырылатуғын жойбарлар бойынша жаңа система енгизиў, ҳәр бир жойбарда белгиленген қаржыларды нәтийжели өзлестириў ҳәм нәтийжелилигин тәмийинлеў мақсетинде «Жойбарлаў офислери» басшы ҳәм хызметкерлериниң маманлығын арттырыў ҳәм оларды оқытыў  зәрүр екенлиги атап өтилди.

Келеси жылы экспорт көлеми 17 миллиард доллар әтирапында болатуғыны прогноз етилмекте. Соннан келип шығып, жуўапкерлерге экспорт шәртнамаларын ҳәзирден-ақ дүзиў, 1-январьдан Экспортты қоллап-қуўатлаў қорының есабынан экспорталды қаржыландырыў системасын жолға қойыў бойынша көрсетпелер берилди.

Мәжилисте инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри және оның орынбасарлары бул ўазыйпаларды орынлаў бағдарындағы режелери бойынша мәлимлеме берди.

 

ӨзА