2021-жылдың 14-15-май күнлери Мойнақта үшинши мәрте «Стихия» халықаралық электрон музыкалар фестивалы болып өтеди. Бул ҳаққында «Saidakhmadov blogi» хабар берди.

 

Еки күн даўам ететуғын фестивальда «AH! KOSMOS», «ANDREA», «EDIT SELECT», «IDA», «GALIYA BISENGALIEVA», «LINDA LAZAROV», «NAZIRA», «NINA KRAVIZ», «PRISHELETZ», «ZACK» сыяқлы диджейлер қатнасыўы белгиленген.

 

Еслетип өтемиз, 2019-жылы болып өткен «Стихия» фестивалына Уллы Британия, АҚШ, Украина, Швеция, Дания ҳәм Япония мәмлекетлеринен көплеген диджейлер қатнасқан еди.

 

2020-жылдың 11-12-сентябрь күнлери өткерилиўи жобаластырылған фестиваль пандемия себепли басқа сәнеге қалдырылған еди, деп жазбақта «Saidakhmadov blogi».

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.