Бурын хабар етилгениндей, усы жыл 16-декабрь күни Нөкис қаласындағы 22-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде II халықаралық бақсышылық көркем өнер фестивалы алдынан «Бақсылар лапызы» атамасындағы жас бақсылардың республикалық таңлаўы өткерилди.
Таңлаў жуўмағында Өзбекстан мәмлекетлик мәденият ҳәм көркем өнер институты Нөкис филиалының студенти Қуўанышбай Сейтимбетов биринши, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студенти Гүлайым Өтешова ҳәм Нөкис қаласынан Камалбай Алимбетовлар екинши, Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан бөлиминиң «Мухаллес дуўтаршылар» ансамбли бақсы-сәзендеси Гүлсара Жолдасбаева ҳәм 22-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң оқытыўшысы Азамат Елмуратов, сондай-ақ, Кегейли районындағы 11-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң оқытыўшысы Улдәўлет Сәрсенбаевалар үшинши орынды ийеледи.
Таңлаў жуўмағында жеңимпазлар менен бир қатарда «Ең жақсы дәстан атқарыўшысы», «Ең жақсы ырғақ ийеси», «Ең жақсы шебер қосық атқарыўшы», «Ең жақсы ер бақсы ҳаўазы ушын», «Ең жақсы ер қыз ҳаўазы ушын» номинациялары бойынша жеңимпазлар анықланып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы