Қанлыкөл районы «Жаңа қала» АПЖ турғыны Ҳ.Қалмуратов шаңарақ ағзалары менен тозыўы жеткен жайда жасайтуғын еди. Өмирлик жолдасы Г.Хожанова менен өмирдиң көп қыйыншылықларын бастан кеширген. Еки қызы өмирден ерте өтип, ҳәзирги ўақытта бир қызы менен жасап келмекте.

 

Екеўи де II топар майыбы, жумыссыз болғанлықтан турақ жайын оңлаўға материаллық имканияты болмады. Райондағы тийисли мәкемелерге бир неше мәрте мүрәжат еткен Ҳ.Қалмуратов усы аймақтан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты болып сайланған, «ӨзЛиДеП» фракциясының ағзасы, «Кантекс Инвест» ЖШЖ атқарыўшы директоры Қуўандық Ешмуратовқа мүрәжат еткен еди.

«ӨзЛиДеП» ҚР Кеңеси баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, депутат пуқараның үйине барып, турақ жайдың жағдайын, мүрәжат ийесиниң жасаў тәризин көзден өткерди ҳәм «Кантекс Инвест» ЖШЖ менен биргеликте пуқара Ҳ.Қалмуратовтың үйин бузып, төрт бөлмели жаңа имарат қурып бериўге әмелий жәрдем көрсетти.

Қысқа ўақыт ишинде қурылған жаңа имаратта барлық шараятлар жаратылған болып, газ, электр энергиясы ҳәм ишимлик суўы тартылды. Үй ийелери депутатқа шексиз миннетдаршылық билдирди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.