«Kun.uz» сайтының ҳуқық қорғаў уйымлары хабарына тийкарланып мәлим етиўинше, Ташкент педиатриялық медицина институтының Нөкис филиалы жанындағы академиялық лицейде 2019-жылға шекем бас есапшы болып ислеген ер адам көп муғдардағы пулларды өзлестирген.

 

Атап айтқанда, ол 2017-жылдың 5 айы даўамында мийнет дем алысына шыққан. Сондай-ақ, ол 2018-жылы 3 ай даўамында ер адам болса да ҳәмиледарлық ҳәм туўыў дем алысына шыққан. Ер адам усы ҳәм усы сыяқлы талан-таражлықларды әмелге асырған ҳалда 122 миллион 801 мың сумды «жеп қойған».

 

Жағдай бойынша Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси ашылған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.