Кегейли районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 39-санлы улыўма билим бериў мектеби директорының хожалық ислери бойынша орынбасары А.Б. мектеп резервиндеги көмир брикетлерин сатып атырғанда усланды.

 

Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаментиниң ҚР Кегейли районлық бөлими ҳәм районлық Ишки ислер бөлими хызметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив илажда райондағы 39-санлы улыўма билим бериў мектеби директорының хожалық ислери бойынша орынбасары А.Б. мектеп резервиндеги көмир брикетлерин қалтасына 10 мың сумнан есаплап, улыўмалық салмағы 1 тонна болған 30 қалта көмир өнимлерин сатып атырғанда айғақлы затлар менен усланды.

 

«Өзбек көмир тәмийнаты» ЖШЖның ҚР филиалының берген мағлыўматларына қарағанда, 1 тонна көмирдиң мәмлекетлик баҳасы 412 500 сум болып, директор орынбасары А.Б.ның ҳәрекетлеринде мектеп мүлкине аз муғдарда зыян жеткериў белгилери анықланған.

 

Ҳәзирги ўақытта сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.