Нөкис қаласы «Нәўбәҳәр» МПЖ аймағындағы 39-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде қала ҳәкимлиги тәрепинен көшпели қабыллаў шөлкемлестирилди. Бул ҳаққында қала ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.

 

Қабыллаў даўамында Нөкис қаласы ҳәкиминиң орынбасары – Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығы А.Бекмуратовқа усы аймақ пуқаралары бир неше машқалалар менен мүрәжат етти. Онда тийкарынан электр бағаналарын тазасына алмастырыў, аймаққа дәрихана, шаңарақлық поликлиника шөлкемлестириў, турақлы жумыс орны менен тәмийинлеў, көшелерди жақтыландырыў мәселелери орын алды.

Бул мүрәжатлардың ҳәр бирин тез күнлерде үйренип шығып, әмелий илажлар көриў бойынша тийисли тараў қәнигелерине тапсырмалар берилди.

Өткен қабыллаўларда усы аймақта халық санының көбейиўи нәтийжесинде электр энергиясына болған талап артып, аймақ турғынлары Нөкис қаласы ҳәкимлигине қосымша трансформатор орнатып бериўде әмелий жәрдем сораған еди. Бул мәселе бүгинги күнде өзиниң унамлы шешимин тапты. Жергиликли бюджет есабынан қуўатлылығы 250 кВА болған таза трансформатор сатып алынып, ҳәзирги ўақытта орнатыў жумыслары әмелге асырылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги