Усы жыл 15-декабрь күни Халық депутатлары Елликқала районлық Кеңесиниң гезектеги он алтыншы сессиясы болып өтти.

Сессия қатнасыўшылары дәслеп ҳәкимлик фойесинде район өнерментлери, исбилерменлери ҳәм өндирис кәрханалары тәрепинен ислеп шығарылған өнимлердиң көргизбеси менен танысты.

Күн тәртибиндеги 2020-жылда әмелге асырылған жумыслардың жуўмағы, келеси 2021-жылда районды социаллық-экономикалық раўажланыўдың әҳмийетли бағдарлары бойынша район ҳәкими С.Авезовтың мүрәжаты оқып еситтирилди.

Атап өтилгениндей, быйылғы жылдың өткен дәўиринде районда барлық тараўларда белгиленген режелердиң орынланыўына ерисилди.  Атап айтқанда, санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлеми 297,4 миллиард сумды (106,8 процент), халық тутыныў товарларын ислеп шығарыў көлеми 162,8 миллиард сумды (113,3 процент), аймақлық санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлеми 247,5 миллиард сумды (100,2 процент), өзлестирилген инвестициялар көлеми 549,5 миллиард  сумды (115,6 процент), қурылыс жумысларының көлеми 170,1 миллиард сумды (100,8 процент), усақлап сатыў  саўда айланысы көлеми 359,1 миллиард сумды (101,5 процент), жәми көрсетилген хызметлер көлеми 162 миллиард сумды (103,3 процент) ҳәм аўыл хожалығы өнимлери көлеми 1 триллион сумды (103,4 процент) қурады.

Быйылғы жылы районда улыўма баҳасы 159 миллиард 884 миллион сум болған 35 аймақлық инвестициялық жойбар әмелге асырылған болып, олардың иске түсирилиўи менен 700 ден аслам жаңа жумыс орны жаратылды.  Атап айтқанда, инвестициялық бағдарламалар негизинде 91,5 гектар заманагөй ыссыхана шөлкемлестириў режелестирилип, соннан быйылғы жылы 7 гектар ыссыхана пайдаланыўға тапсырылды. Районда заманагөй гидропоника  усылында палыз өнимлерин жетистиретуғын ыссыханалар 11 гектарды қурайды.

Районда ҳәзирги ўақытта 50 орынлық еки мийманхана, үш қара үй, ресторан ҳәм басқа  да хызметлери болған дем алыс орынлары жумыс алып бармақта.  Буннан тысқары  бир зыярат туризми орны ҳәм тарийхый қалалар болып, ҳәр жылы 10  мыңнан аслам турист келип таныспақта.

Өткен жылы 3,4 миллион долларлық санаат ҳәм аўыл хожалығы өнимлери экспорт етилген болса, быйылғы жыл даўамында 7,47 миллион долларлық  өним экспортқа шығарылды. Бүгинги күни районда 1400 субъект жумыс алып барып атырған болса, соннан санаат кәрханасы 207 ни қурайды. Мәмлекетлик үлеси бар бос турған объектлерден нәтийжели пайдаланыў мақсетинде 9 объекттиң меншиклестирилиўи есабынан  200 ден зыят жаңа жумыс орны жаратылды.

Быйылғы жылы 31 улыўма билим бериў мектеби 445 жаңа заманагөй компьютер комплекти менен тәмийинленди.  Сондай-ақ 3 улыўма билим бериў мектебинде 7453,4 миллион сумлық капитал реконструкция жумыслары, 1 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде 2330 миллион сумлық реконструкция жумыслары алып барылып, пайдаланыўға тапсырылды. Елликқала аўылында өткен жылы қосымша бағдарлама бойынша еки 4 қабатлы турақ жай пайдаланыўға тапсырылған болса, усы аўылдан және үш 4 қабатлы турақ жайдың қурылыс жумыслары алып барылмақта.

«Темир дәптер»ге киргизилген шаңарақлардан жәми 2585 мийнетке жарамлы жумыссызлардан бүгинги күнге 2572 пуқара жумысқа орналастырылды Буннан тысқары «Ҳаяллар дәптери»не киргизилген 600 ҳаял-қыздың бәнтлиги тәмийинленди.

Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелери комитети баслығының орынбасары Б.Матмуратов қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Сессия күн тәртибиндеги көрилген мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

Сессиядан соң баспасөз конференциясы өткерилип, онда 4 сектор басшылары ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлер тәрепинен берилген сораўларға жуўап берди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы