Пиротехникалық қураллардың жәмийетимиз, әсиресе, балалар ушын үлкен қәўип ҳәм зыян екенлиги ғалаба хабар қураллары арқалы бәрқулла ескертилип барылыўына қарамастан, тилекке қарсы мол дәрамат табыў мақсетинде усындай затлар менен нызамсыз саўда ислейтуғынлар арамызда еле де көплеп табылмақта.

Бундай ҳәрекетлер жаңа жыл жақынласыўы менен көбеймекте.

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының Контрабандаға қарсы гүресиў ҳәм бажыхана аудити бөлими тәрепинен Беруний районы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти, Миллий гвардия, МҚХ хызметкерлери менен биргеликте усындай жағдайлардың алдын алыў мақсетинде районда оператив илаж өткерилди.

Илаж даўамында пуқара М.Ш. сырт елде ислеп шығарылған 115200 дана «Британик» ҳәм «Трения» атлы пиротехникалық қуралларды «шәртли қарыйдар»ға 28 миллион сумға сатып атырған ўақтында илаж қатнасыўшылары тәрепинен қолға алынды.

Ҳәзирги ўақытта усы факт бойынша сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги