Усы жылдың 15-декабрь күни социаллық тармақларда «2021-жыл 1-январьдан және жақынды жақтыландырыўшы шырақлар жағып жүриледи. Нызам күшке киреди» мазмунындағы хабарлар тарқалды.

 

Хабарлар бойынша ӨзР Ишки ислер министрлиги Жол ҳәрекети қәўипсизлиги бас басқармасы төмендегилерди мәлим етти:

 

Ҳақыйқатында да, «Жол ҳәрекети қағыйдалары»ның 138-бәнтинде «Күнниң жақты ўақтында барлық автотранспорт қураллары жақын аралықты жақтыландырыўшы шырақларын ямаса күндизги сигнал шырақларын жағып ҳәрекетлениўи шәрт»лиги белгиленген.

 

Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 4-июньдағы «Жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы 460-санлы қарарының 2-бәнтинде 2021-жыл 1-январьға шекем күнниң жақты ўақтында жақын аралықты жақтыландырыўшы шырақларын ямаса күндизги сигнал шырақларын жағып ҳәрекетлениўи шәртлиги бойынша талап автоматластырылған тәризде жанып туратуғын күндизги сигнал шырақлары менен үскенеленбеген автомототранспорт қуралларына енгизилмейтуғынлығы атап өтилген.

 

«Бул мәселе бойынша ӨзР ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги бас басқармасының өз пикир-усыныслары болып, тийисли усыныслар таярланған ҳәм бул бағдарда әмелге асырылатуғын илажлар белгиленбекте. Белгиленип атырған илажлар халық мәплерине хызмет етеди, деп ойлаймыз», – деп жазылған рәсмий билдириўде.

 

Еслетип өтемиз, Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 9-апрельдеги қарары тийкарында «Жол ҳәрекети қағыйдалары»ның 138-бәнтине өзгерис киргизилип, күнниң жақты ўақтында барлық автомототранспорт қуралларының жақын аралықты жақтыландырыўшы шырақларын ямаса күндизги сигнал шырақларын жағып ҳәрекетлениўи кереклиги белгиленген еди.

 

Сол ўақытта кең жәмийетшилик арасында жүзеге келген кескин наразылықлар есапқа алынып, мәжбүрий қағыйданың әмел етиўи 2021-жылдың 1-январь сәнесине шекем тоқтатылған еди.

 

Яғный бул талап автоматластырылған тәризде жанып туратуғын күндизги сигнал шырақлары менен үскенеленбеген автомототранспорт қуралларына енгизилмейтуғынлығы белгиленген еди.

 

Мағлыўмат ушын, 2021-жылдың 1-январынан баслап сутканың ҳәр қандай ўақтында жақын аралықты жақтыландырыўшы шырақлар ямаса күндизги сигнал шырақларын жағып ҳәрекетленбеген транспорт басқарыўшылары жәриймаға тартылады.

 

ӨзР Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 128-статьясы тийкарында усы ҳуқықбузарлық биринши мәрте әмелге асырылғанда 111 500 сум, бир жыл ишинде қайта әмелге асырылса 223 мың сум, бир жыл ишинде үшинши мәрте әмелге асырылса 669 мың сум жәрийма белгиленеди. Бир жыл ишинде үш мәртеден артық әмелге асырылғанда транспорт басқарыўшысы 892 мың сум жәрийма төлейди ямаса транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан 6 айға айрылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.