Ташкентте «Өзбекстанның раўажланыўында парламенттеги ҳаяллардың роли» атамасында биринши форум өткерилди.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Гендер теңликти тәмийинлеў мәселелери бойынша комиссиясы тәрепинен БМШ Раўажланыў бағдарламасы және ЕҚБШ менен биргеликте шөлкемлестирилген форумда Олий Мажлис Сенатының ағзалары, Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслердиң депутатлары, жаслар парламенти ағзалары, мәмлекетлик уйымлар ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң жуўапкерлери, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Атап  өтилгениндей, ҳаял-қызлардың сиясий ҳәм социаллық-экономикалық ўазыйпаларды шешиўдеги толық қатнасыўы экономикалық, демократиялық раўажланыў ҳәм жәмийеттеги турақлылықтың зәрүр шәрти болып есапланады.

Ҳаял-қызлардың қатнасыўында қабыл етилген әҳмийетли қарарлар жәмийетти демократияластырыў жолында алып барылып атырған реформалардың табысын тәмийинлейди. Соның ушын елимизде ҳаял-қызлардың ҳуқық ҳәм мәплерин тәмийинлеў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағдары болып есапланады.

Алып барылған әмелий жумыслар нәтийжесинде болып өткен сайлаў жуўмақлары бойынша парламенттиң төменги палатасына 48 ҳаял депутат етип сайланды. Депутатлар улыўма санының 32 процентин, Сенатта болса 25 процентти ҳаял-қызлар қурамақта. Өзбекстан тарийхында биринши мәрте миллий парламентте ҳаял-қызлардың саны БМШ тәрепинен белгиленген усынысларға сәйкес дәрежеге жетти. Елимиз парламенти ҳаял-қызлар саны бойынша дүньядағы 190 парламент арасында 37-орынға көтерилди.

Форумда ўәкиллик уйымларына сайланған депутат ҳаялллардың жумысын жетилистириў, олардың өзлерине берилген ўәкилликлеринен кеңирек пайдаланыўына байланыслы бир қатар мәселелердиң бар екенлиги, оларды шешиў көзқарасынан парламенттиң ҳаял ағзалары платформасын жаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Қалаберди, бул форум ҳаял-қызлардың сиясий майдандағы орнын юбеккемлеў және ўәкиллик ҳәкимияты уйымларының парламент пенен конструктивлик байланысларын беккемлеўге хызмет ететуғыны атап өтилди.

Форум қатнасыўшылары ҳаял-қызлар парламент бирлеспесин шөлкемлестириў бағдарындағы пикир-усынысларын билдирип, оның улыўма мақсет ҳәм ўазыйпалары, улыўмалық стратегия және ҳәрекет бағдарларын белгилеп алды.

Буннан тысқары, илажда елимиздиң раўажланыўында парламенттеги ҳаяллардың орнын күшейтиўге байланыслы пикир-усыныслар, жаңа идеяларды көрип шығыў ушын қатнасыўшылар бес бағдарда додалаўды даўам еттирди. Атап айтқанда, ўәкилликли уйымларға сайланған депутат ҳаяллардың Өзбекстанның жәмийетлик-сиясий турмысындағы қатнасына айрықша итибар берилди. Соның менен бирге, ҳаял-қызлардың елимиздиң экономикалық ҳәм аўыл хожалығы тараўын раўажландырыўдағы жумысының перспективалары ҳаққында сөз болды.

Илим, тәлим-тәрбия ҳәм инновациялық басламаларды қоллап-қуўатлаў процесслерине ҳаял-қызларды тартыў мәселелери де кең додалаўларға, пикир-усынысларға бай болды. Атап өтилгениндей, бүгинги күнде философия докторы (PhD) илимий дәрежесине ийе ҳаяллар 25 процентти, илим докторы (DSc) илимий дәрежесине ийе ҳаяллар болса 20 процентти қурап атырғаны тараўда ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў зәрүр екенин көрсетпекте.

Форумда, сондай-ақ, шаңарақлардағы социаллық-руўхый орталықты турақластырыў, ҳаял-қызларды басым өткериўден, олардың арасында жүзеге келген унамсыз иллетлердиң алдын алыўда парламентлик ҳәм жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў зәрүр екенлиги, онда парламентлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң бирге ислесиўин күшейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Форум жуўмағында билдирилген пикир-усыныслар улыўмаластырылып, тийисли усыныслар ислеп шығылды.

Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Т.Норбоева қатнасты.

 

Назокат УСМОНОВА,

ӨзАның хабаршысы