Усы жылдыӊ 15-декабрь күни халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң гезексиз он сегизинши сессиясы болып өтти. Бул ҳаққында  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети хабар берди.

 

Сессияның күн тəртибинде шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды.

 

Сессия жумысына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы М.Камалов қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

 

Сессияда усы күнге дейин Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министриниӊ орынбасары лаўазымында ислеп келген Утемуратов Даўлетбай Минажович Кегейли районы ҳәкими лаўазымына тайынланды.

 

Д.Утемуратов усы жылдың апрель айына шекем Қараөзек районы ҳәкими лаўазымында ислеген еди.

 

Еслетип өтемиз, 2020-жылдың ярварь айынан усы күнге шекем Муратбай Абдиров Кегейли районы ҳәкими болып ислеп келди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.