Усы жыл 12-декабрьден баслап Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң басламасы менен Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри ҳәм барлық ўәлаятлардағы халық билимлендириў басқармасы баслықлары Ташкент қаласында билимлендириўдиң сапасын арттырыў бағдарында әмелге асырылып атырған реформаларды «Ташкент тәжирийбеси»  мысалында танысыў  ушын қатнаспақта.

Бундағы тийкарғы мақсет – Ташкент қаласындағы мектеплерде әмелге асырылып атырған жумыслар, билимлендириўдиң сапасын арттырыў бағдарындағы реформалар, заманагөй мектеплер менен жақыннан танысыў  ҳәм өз-ара тәжирийбе  алмасыўдан ибарат.

Илаж қатнасыўшылары дәслеп Ташкент қаласы «Учтепа» районындағы 129-санлы улыўма  билим бериў мектебиниң жумыслары менен кең түрде танысты.

Олар мектепте жолға қойылған билимлендириў процеси, оқыўшылар ушын жаратылған шараятлар, мектеп имараты ишинде үлкен аймақты ийелеген декоратив бағ, заман талапларына сай қурылған спорт зал, сондай-ақ, усы мектепте көп жыл жемисли мийнет еткен, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен муғаллим Оқилхон Шарофутдиновтың естелигине арнап шөлкемлестирилген «Әлипбе» музейи менен жақыннан танысты.

Буннан соң, илаж қатнасыўшылары Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы мәлимлеме-коммуникация  технологиялары  бағдарларына тийисли пәнлерди тереңлестирип оқытыўға қәнигелестирилген  мектепте болды.

Бул билимлендириў дәргайында оқыўшыларға оқыў процесинде теориялық билимлерди IT  лабораториялардан пайдаланып әмелде сынап көриў имканияты жаратылғанлығы, олар мектеп дәўиринен баслап  өзлериниң жойбарларын ислеп шығыўы, оқыўдан бос ўақытларын мазмунлы өткериў ушын киберспорт бөлмеси, көркем китаплар менен тәмийинленген  заманагөй китапханадан  пайдаланыў  имканиятлары бар екенлиги ҳаққында кең түрде мағлыўмат  алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги