ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен белсенди жаслардыӊ қатнасыўында Нөкис қаласындағы “Бахытлы оқыў орайы” жуўапкершилиги шекленген жәмийетине медиа-тур шɵлкемлестирилди.

Медиа-тур қатнасыўшылары оқыў орайының жумысы, онда жумыс ислейтуғын хызметкерлер ҳәм билим алыўшыларға жаратылған шараятлар менен кеңнен танысты.

Онда атап өтилгениндей, 2006-жылда өз жумысын баслаған орайда әйне пайытта республикамыздың ҳәр қыйлы жастағы пуқаралары өзлери қәлеген бағдарларда билим алып, курсларды табыслы тамамлағанлар арнаўлы сертификат ҳәм дипломларға ийе болмақта. Әҳмийетлиси, олардың кɵпшилиги бүгинги күнде жоқары оқыў орынларында, сондай-ақ, ҳәр қыйлы тараўларда, ҳәттеки, басқарыў уйымларында жумыс алып бармақта.

Белсенди ислбилермен ӨзЛиДеП ағзасы П.Наўрызов басқарған бул орайда  “Киши бизнес ҳәм исбилерменлик субъектиниң бухгалтерин таярлаў курсы”, “Инглиз ҳәм рус тиллерине таярлаў курсы”, “Электр-газ кепсерлеўши курсы”, “Комьпютер операторын таярлаў курсы”, “Техникалық-электр монтажлаўшысы” ҳәм “I, II ҳәм III класс кең профилли тракторшыларды таярлаў курсы” бағдарлары бойынша заманагөй мәлимлеме технологиялары тийкарында билим берилмекте.

Әҳмийетли тәрепи сонда, оқыў орнында аўыл-хожалығы хызметкерлерине, соның ишинде, трактор басқарыўды қәлеўшилерге айрықша имканият жаратылған. Онда I, II ҳәм III класс кең профилли тракторшыларды таярлаў курсын табыслы жуўмақлаған пуқаралар тракторды басқарыў гүўалығына ийе болады.

–Ɵзиңиз кɵрип гүўасы болғаныңыздай, оқыў орайымыз ҳәзирги күнде заманға сай түрде ҳәр қыйлы бағдарларда жумыс алып бармақта, – дейди жўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы П.Наўрызов. –Әҳмийетлиси, оқыў орнына жоқары мағлыўматлы ҳәм кɵп жыллық тәжирийбеге ийе болған қәнигелер тартылған. Биз келешекте усы бағдарлар менен шекленип қалмастан, өз жумысымызды еле де халқымыз ушын зәрүрли болған бағдарлар менен кеңейтиўди режелестиргенбиз. Яғный, әйне пайытта қосымша имаратымызда жоқары маманлықтағы мектепке шекемги билимлендириў шɵлкемлериниң педагог-тәрбияшыларын таярлаў курсларын шɵлкемлестириў жумыслары алып барылмақта. Бул бағдарда бизди турақлы түрде қоллап-қуўатлап киятырған O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикалық Кеңесине миннетдаршылық билдиремиз.

Әҳмийетлиси, “Бахытлы оқыў орайы”нда ҳәзирги күнде 32 адамның бәнтлиги тәмийинленген болып, жаңа имаратта жумыс басланыўы менен олардың саны  45-50 жумыс орнына жеткериледи.

–Бүгинги шɵлкемлестирилип атырған медиа-тур бизде оғада жоқары тәсир қалдырды, – дейди партияның белсенди жасларының бири С.Барлықбаева. –Илаж даўамында биз орайдың шɵлкемлестирилиўи, ондағы хызметкерлер менен оқыўшыларға жаратылған имканиятлар, әсиресе, басқарыўшы П.Наўрызовтан исбилерменлик жумысын баслаў бойынша кɵплеген мәсләҳәтлер алдық. Усы бағдарда келешекте өз ибилерменлигимди жүргизиўди нийет еттим.

 

O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикалық

 Кеңесиниң Баспасөз хызмети

Қарақалпақстан хабар агентлиги