2021-жылдың май айында Тахтакөпир районында «Қаратерең ырғақлары» атамасында жаслар фестивалын шөлкемлестириў бойынша жойбарлар ислеп шығылмақта. Бул ҳаққында Халық дептутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиниң 17-сессиясынан соң шөлкемлестирилген баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, журналистлер, блогерлер менен өткерилген баспасөз конференциясында район ҳәкими Ж.Адилов айтып өтти.

 

Сондай-ақ, районның визит карточкасы болған Қаратерең көли әтирапында туристлик объектлерди қурыў, бул жерде гастрономиялық, медициналық туризмди раўажландырыў, халықтың дем алыўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша исленетуғын жумыслар ҳаққында мағлыўмат берди.

 

– Ҳәзирги ўақытта Қаратерең бойына инженерлик-коммуникациялық тармақларды алып барыў, атап айтқанда , 9 километр аралыққа электр энергиясын жеткериў бойынша жойбарлар ислеп атырмыз. Бул арқалы ол жерде исбилерменлик субъектлери ушын шараятлар жаратамыз, – деди Ж.Адилов.

Сондай-ақ, ҳәзирги ўақытта район ҳәкимлиги тәрепинен арнаўлы топарлар дүзилип, районда зыярат туризмин раўажландырыў бойынша үйрениў жумыслары алып барылмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Автордың түсирген фотолары.