Гендер теңлиги индексинде Өзбекстан бүгинги күни 188 мәмлекет арасында 57-орынды ийелеп турыпты. Бул көрсеткиш елимизде ҳаял-қызлардың билим алыў ҳәм экономикалық белсендилиги жоқары екенлигин көрсетеди.

Мәмлекетимизде гендер теңлиги сиясаты ең әҳмийетли мәселелерден бири болып есапланады. Сонлықтан да  ҳаял-қызлар ҳәм ерлер ушын тең ҳуқық ҳәм имканиятларды тәмийинлеў тараўындағы мүнәсибетти тәртипке салыў мақсетинде Өзбекстан Республикасының “Ҳаял-қызлар ҳәм ерлердиң тең ҳуқықлылығы ҳәм имканиятларының кепилликлери ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилди.  Бунда ҳаял-қызлар ҳәм ерлер арасында әмелде теңликке ерисиў, жәмийеттиң барлық тараўларында олардың қатнасын кеңейтиў, жынысы тийкарында тиккелей кемситиўлерге жол қоймаў ҳәм басым өткериў, жаўызлықтан қорғаў бойынша бир қатар илажлар нәзерде тутылған.

Сондай ақ, гендер сиясатын әмелге асырыўды тәмийинлеў бойынша ўәкилликли шахслардың орны тәмийинленди. Президентимиз Ш.Мирзиёев Олий Мажлис Сенатының жигирмаланшы жалпы мәжилисиндеги шығып сөйлеген сөзинде:

“Усы жерде мени санамызда тереӊ тамыр жайған бир догма  көп ойландырады. Биз бәрқулла  ҳаял-ол ана, шаӊарағымыздыӊ бийкеси,деп оларды улығлаймыз.  Бул дурыс, әлбетте.   Бирақ ҳәзирги күнде ҳәр бир ҳаял-қыз  демократиялық өзгерислердиӊ бақлаўшысы емес, ал жедел ҳәм инталы  өзгерислердиң белсенди қатнасыўшысы болыўы шәрт”,-деген еди.

Демек басшы лаўазымларға ҳаял-қызларды тартыў ҳәм зәрүр қарарлар қабыл етиў барысында олардың қатнасыўы мәселесинде де сөз бармақта. Соңғы жылларда жәмийеттиң түрли тараўларында, миллий ҳәм регионаллық  дәрежеде ҳаял-қызлардың роли ҳәм абырайында  сезилерли дәрежеде унамлы өзгерислер болмақта.

Жақында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы, гендер теңликти тәмийинлеў бойынша комиссияның баслығы Т.Нарбаеваныӊ басшылығында болып өткен баспасөз әнжуманында елимизде гендер теңликти тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар сөз етилди.

Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен гендер теңлиги сиясатын қоллап-қуўатлаў, бул Нызамда белгиленген талаплардың әмелде орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде де бир қатар илажлар жолға қойылған. Бул жерде гендер теңликти тәмийинлеў ушын мәсләҳат кеңеси шөлкемлестирилген. Агентликтиң қурамына кириўши қалалық ҳәм районлық мәмлекетлик хызметлер орайлары, ПҲАЖ архиви, қалалық ҳәм районлық ПҲАЖ бөлимлеринде жәми 108 ҳаял-қыз жумыс алып бармақта.

Агентлик басшылығы тәрепинен олар ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланып, Мийнет кодекси ҳәм басқада нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерде ҳаял-қызларға берилген жеңилликлерден толық пайдаланыўына шараят жаратылған.  Атап айтқанда, басшы лаўазымларға, қәбилетли, талапшаң ҳәм жуўапкершиликли ҳаял-қызлардың кандидатурасын тайынлаў ҳәм тараўымызда жоқары жетискенликлерге ерисип киятырған  ҳаял-қызларды хошаметлеў  илажлары әмелге асырылмақта.

 

Қ.ОСПАНОВА,

Нөкис қаласы Мәмлекетлик хызметлер

орайы бөлим баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги