Жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерге муўапық, усы жылдың 11-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Ҳиндстан Республикасының Бас министри Нарендра Модидиң видеоәнжуман түриндеги ушырасыўы болып өтеди.

Илаж күн тәртибине6 Өзбекстан-Ҳиндстан дослық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў, сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа тараўлардағы көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери орын алған.

Коронавирус инфекциясының глобал көлемде тарқалыўының ақыбетлерин жеңип өтиўде тығыз бирге ислесиўди даўам еттириў мәселелерине айрықша итибар қаратылады.

Өз-ара саўда көлемин арттырыў, транспорт байланысларын раўажландырыў, аўыл хожалығы, энергетика, мәлимлеме-коммуникация технологиялары, денсаўлықты сақлаў, фармацевтика ҳәм басқа да тармақларда кооперацияны күшейтиў және аймақлараралық  сөйлесиўлер, билимлендириў ҳәм гуманитар алмасыўды жеделлестириўге қаратылған тийкарғы бағдарлар ҳәм жойбарларды көрип шығыў режелестирилген.

Ушырасыў ўақтында еки мәмлекет жетекшилери жәҳән ҳәм Орайлық Азиядағы жағдай бойынша пикир алысып, заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы нәтийжели гүресиў илажларын додалады.

Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер соңында Биргеликтеги билдириў қабыл етилип, экономика ҳәм инновациялар, финанслық-техникалық жәрдем, бажыхана жумысы ҳәм саўданы техникалық тәртипке салыў, кадрлар таярлаў ҳәм қоспа илимий-изертлеўлер өткериўге байланыслы бир қатар ҳүкиметлераралық ҳәм уйымлараралық келисимлерге қол қойылады.

 

ӨзА