Усы жыл 10-декабрь күни Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң гезектеги жигирмаланшы сессиясы болып өтти.

Cессия жумысына қалалық Кеңес депутатлары, сектор басшылары, мәкан-пуқаралар жыйынларының баслықлары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, блогерлер, ҳәкимликтиң жуўаплы хызметкерлери ҳәм де бир қатар мәкеме, кәрхана басшылары қатнасты.

Сессияда Нөкис қаласы ҳәкими ўазыйпасын атқарыўшы У.Панаев Нөкис қаласының 2020-жылғы социаллық-экономикалық раўажланыў жуўмақлары ҳәм де келеси 2021-жылғы режелери бойынша Халық депутатлары қалалық Кеңесине мүрәжат жоллады. Мүрәжатта қала көлеминде усы жылы ҳәр бир тараў бойынша әмелге асырылған илажлар туўралы кең түрде мағлыўматлар берилди.

Нөкис қаласында социаллық-экономикалық раўажланыў көрсеткишлериниң өсиў пәтлери, халықтың жан басына салыстырғанда өзгериўи, социаллық қоллап-қуўатлаўға ажыратылған қаржылар, халықтың реал дәраматларын арттырыў бағдарында бир қатар жумыслар алып барылғанлығы, пандемия дәўириниң унамсыз ақыбетлерине қарамастан социаллық-экономикалық раўажландырыўдың белгиленген прогноз көрсеткишлерине ерисиў бойынша зәрүр илажлар әмелге асырылғанлығы атап өтилди.

Атап өтилгениндей, соңғы жылларда Президентимиздиң басшылығында, қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар тийкарында елимизде барлық тараўларда унамлы өзгерислер ҳәм жаңаланыўлар жүз берип атыр. Нөкис қаласында да соңғы жыллары үлкен унамлы өзгерислер әмелге асырылмақта.

Усы жыл жуўмағына бола, қаладағы ҳәрекеттеги санаат кәрханалары тәрепинен 8 трлн. 227,9 млрд. сумлық санаат өнимлери ислеп шығарылыўы күтилмекте (Республикадағы үлеси 58,8 процент). 2020-жыл даўамында коммерциялық банклер тәрепинен 1745 физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге социаллық қоллап-қуўатлаўға қаратылған 71 млрд. 974,8 млн. сумлық кредит қаржылары ажыратылған.

Президентимиздиң усы жыл 2-октябрь күнги республикамызға сапары даўамында тастыйықланған инвестициялық бағдарламаға муўапық, 2020-2022-жылларда Нөкис қаласында улыўма баҳасы 882,6 млрд. сум болған, 1639 жаңа жумыс орынларын жаратыўшы 181 жойбардың әмелге асырылыўы режелестирилген. Солар қатарында, усы инвестициялық қаржылардың есабынан «BIO ECO AGRO IMPEKS» (“MYUNGSONG PLACON CO. Ltd”) жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң улыўма баҳасы 50 млрд. 400,0 млн.сум (5,0 млн.доллар сырт ел инвестициясы тийкарында) болған 200 жаңа жумыс орнын жаратыўшы «Заманагөй гидропоника усылында теплица комплекси»н қурыў режелестирилген. Усы жойбарды әмелге асырыў ушын Нөкис қаласы ҳәкимлиги тәрепинен «Жийдели байсын» мәкан пуқаралар жыйыны, «Шадлы аўыл» елаты аймағынан 14 гектарлық жер ажыратылған ҳәм бул жойбарды жыл ақырына шекем иске түсириў режелестирилген. Бул өз гезегинде сол аймақтағы пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеўге, жумыссызлар санының азайыўына ҳәм «Темир дәптер»ден шығарылыўына өз үлесин қосады.

Сондай-ақ, «Nukus Lak Bo`yoqlari» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң улыўма муғдары 10,0 млрд. сумлық қаржы есабынан 30 жаңа жумыс орнын жаратыўшы «Қурылыс материаллары ҳәм лак-бояўларын ислеп шығарыў» жойбарын әмелге асырыў белгиленген.

2020-жыл даўамында жәми 860 киши бизнес субъектлери жаңадан шөлкемлестирилди ҳәм бүгинги күнде олардың саны
5394ке жетти.

2020-жылдың январь-декабрь айларында 5 млн. 669 мың долларлық өнимниң экспортқа шығарылыўы режелестирилген болып, әмелде 6 млн. 360 мың долларлық өним экспортқа шығарылған. Яғный, реже 112,2 процентке артығы менен әмелге асырылған.

Тиккелей сырт ел инвестициялары бойынша реже 11,6 млн. доллар, усы жыл январь-октябрь айларында реже 7,6 млн.доллар болған болса, бүгинги күнге режени 13,3 млн.долларға, яғный 175 процентке орынлаўға ерисилди.

Мүрәжатта жаслар бәнтлигин тәмийинлеў, ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бойынша алып барылған илажларға да әҳмийет қаратылды. Қала халқының 4,7 проценти кәмбағал шаңарақлар есапланып, пандемия шараятында 5767 шаңарақ «Темир дәптер»ге киргизилген. Қаладағы сақаўат ҳәм қайырқомлық көрсетиўши исбилерменлер ҳәм өз басламалары менен жәрдем берген мәкемелер тәрепинен алып барылған унамлы жумыслар нәтийжесинде 4540 шаңарақ «Темир дәптер»ден шығарылды.

Сессия күн тәртибиндеги көрилген мәселелер бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

Сессиядан соң ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлердиң қатнасыўында баспасөз конференциясы өткерилип, онда берилген сораўларға ҳәкимликтиң жуўаплы хызметкерлери тәрепинен жуўап берилди.

Буннан соң конференция қатнасыўшылары менен Нөкис каласындағы исбилерменлик субъектлерине пресстур шөлкемлестирилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги