Хожели районында Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының Контрабандаға қарсы гүресиў ҳәм бажыхана аудити бөлими тәрепинен тийисли ҳуқық қорғаў уйымлары биргеликте пиротехникалық қураллардың нызамсыз саўдасының алдын алыў мақсетинде, алдыннан алынған мағлыўматлар тийкарында оператив илаж өткерилди.

Өткерилген илаж даўамында пуқара И.С. «шәртли қарыйдар»ға сырт елде ислеп шығарылған 80 қутыдағы,  4800 дана «Британик» пиротехникалық қуралларын 1 миллион 120 мың сумға сатып атырған ўақтында қолға алынды.

Усындай факт Беруний районында өткерилген оператив илаж даўамында да анықланды. Илаж даўамында пуқара С.Б. «шәртли қарыйдар»ға сырт елде ислеп шығарылған 500 қутыдағы 30 мың дана «Британик» ҳәм «Трения» атлы пиротехникалық қуралларын 11 миллион 500 мың сумға сатып атырғанында усланды.

Быйылғы жыл даўамында басқарма хызметкерлери тәрепинен  усындай 15 факт анықланған. Улыўма баҳасы 39 миллион сумнан аслам болған 150423 дана пиротехникалық қураллар саўдасының алды алынған.

Ҳәзирги ўақытта анықланған фактлер бойынша сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги