Усы жыл 4-декабрь күни И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейинде рус художниги Рувим Мазельдиң 130 жыллығына бағышланған «Саҳра сөйлейди» атамасындағы көргизбе ашылды. 

Көргизбеде автордың музей фондында сақланып атырған жүзден аслам графикалық ҳәм живописьлик жумыслары орын алған.

– Художник Рувим Мазель 1930-1950-жыллары Қарақалпақстан, Дағыстан  ҳәм Түркменстанда өткерилген экспедицияларға қатнасқан. Ол Түркменстанда жасап, сол жерде графикалық ҳәм живописьлик дөретпелер жаратқан. Оның көплеген мийнетлери И.В.Савицкий тәрепинен музейге алып келинген. Художниктиң дөретпелеринде халқымыздың турмыс-тәризи, үрп-әдети сәўлеленген, – дейди Өзбекстан көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими баслығы, көркем өнер изертлеўшиси Улбосын Утегенова. Музейде оның «Нөкис, Базар», «Ат арба, Шымбай», «Қарақалпақ ҳаяллары» дөретпелеринде қарақалпақ халқы, үрп-әдети менен мәденияты сүўретленген.

 

Сондай-ақ, художниктиң «Саҳра сөйлейди», «Гилем әтирапында» атамасындағы графикалық жумыслары менен бир қатарда «Әлий Баба», «Ериншек бай», «Еки бала ҳаққында» китапларына ислеген иллюстрациялары да орын алған.

Көргизбеде түркмен гилемлериниң үлгилери де орын алған.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы