Өзбек миллий академиялық драма театры жәмәәтиниң республикамызға дөретиўшилик сапары табыслы жуўмақланды.

Сапар даўамында драматург Иззат Султанның «Ийман» ҳәм қарақалпақ жазыўшысы Оразбай Абдирахмановтың «Тирсеклер» спектакльлери тамашагөйлердиң нәзерине усынылды.

1-декабрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында дөретиўшилик сапардың жуўмағына бағышланған илаж өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында елимизде миллий мәдениятымызды, соның ишинде, театр көркем өнерин раўажландырыўға қаратылып атырған айрықша итибарға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, бул илаждың 1-декабрь «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамы қабыл етилгениниң 31 жыллығы байрамы күни өткерилип атырғаны менен де әҳмийетли болды. Бир нешше күн даўамында тамашагөйлер еки театр жәмәәтиниң биргеликте сахналастырған әжайып спектакльлерди айрықша қызығыўшылық пенен тамаша етти.

Илаж соңында Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлигине, Өзбек миллий академиялық драма театры, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры жәмәәәтлерине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң  «Алғыснамасы», Өзбек миллий академиялық драма театрының актёры Толиб Муминовқа «Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист» ҳүрметли атағы тапсырылды.

Өзбек миллий академиялық драма театры директоры, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Ёдгор Саъдиевтиң атап өткениндей, еки театр жәмәәтиниң дөретиўшилик бирге ислесиўи даўам етеди. Келеси жылы Иззат Султанның «Ийман» ҳәм қарақалпақ жазыўшысы Оразбай Абдирахмановтың «Тирсеклер» спектакльлерин биргеликте Ташкент қаласы тамашагөйлерине ҳәм мийманларға көрсетиў режелестирилген.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери