Социаллық тармақларда Төрткүл районында ҳаял адам ҳәм оның жас ақлығы өлтирип кетилгени ҳаққында хабарлар тарқалды.

 

«Xabar.uz» сайтының Бас прокуратура баспасөз хызметине тийкарланып хабар бериўинше, усы жылдың 29-ноябрь күни азанда төрткүлли 79 жаслы С.Д.ның (ҳаял адам) өли денеси өз үйиниң мийман күтиў бөлмесинен табылған. Сондай-ақ, ўақыя жүз берген орында оның 22 жаслы ақлығы (студент қыз) дене жарақатлары (өткир ушлы предмет пенен денесине бир неше мәрте урылған) менен жатқанлығы анықланған.

 

Ҳәзирги ўақытта ақлығы емлеўханада. Оған жеткерилген жарақатлар дәрежесин анықлаў ушын судқа байланыслы медициналық экспертиза тайынланған.

 

Жағдай бойынша қастан адам өлтириў белгилери менен жынаят иси ашылған. Ҳәзирги ўақытта оператив-тергеў топары дүзилип, жынаятты ашыў илажлары көрилмекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.