Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 30-ноябрь күни аймақларда жәмийетлик траснпортты раўажландырыў илажлары додаланды.

Жәмийетлик транспорт-адамлардың узағын жақынлататуғын, халықтың кейпиятына тиккелей тәсир ететуғын қурал. Өткен 10 айда Халық қабыллаўханаларына усы мәселеде 3 мыңнан аслам мүрәжат болғаны да тараўда кемшиликлер көп екенлигин көрсетеди.

23-ноябрь күни Ташкент қаласында жәмийетлик транспортты басқарыў ҳәм инфраструктурасын раўажландырыў жойбары көрип шығылған еди. Сол ўақытта мәмлекетимиз басшысы бул жаңа системаны басқа қалаларда да жолға қойыў бойынша көрсетпе берген еди. Транспорт министрлиги ҳәм ҳәкимликлер тәрепинен усы бағдардағы имканиятлар үйренилип, усыныслар таярланды.

Мәжилисте усы усыныслар ҳәр бир аймақтағы биреўден район ҳәм қала мысалында додаланды.

Есап-санақларға бола, мәмлекетимиз бойынша күнине дерлик 20 миллион жолаўшыдан тек ғана 4,4 миллионы ямаса 22 проценти жәмийетлик транспорттан пайдаланбақта. Бул көрсеткиш Әндижан, Қашқадәрья, Наманган, Хорезм, Самарқанд, Ферғана, Бухара ҳәм Ташкент ўәлаятларында буннан да төмен. 1 мың 200 аўыл район орайына шекемги жөнелисте жәмийетлик транспорт пенен қамтып алынбаған.

Президентимиз аўылдан район орайына шекемги  және ол жерден ўәлаят орайына шекемги  транспорт хызметиниң көлемин кеңейтиў ҳәм сапасын арттырыў зәрүр екенин атап өтти.

– Адамлар ушын қала, район ҳәм аўыллар арасында транспортты қолайлы, қәўипсиз ҳәм аңсат етиў тийис. Бул хызметлерден халық разы болыўы керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәселен, буның ушын жолаўшы тасыў қәрежетлериниң бир бөлегин басып өтилген аралық ҳәм жолаўшы санынан келип шығып субсидиялаў мүмкин. Сонлықтан Қаржы министрлиги ҳәм Транспорт министрлигине районлар ишинде жолаўшы тасыйтуғын кәрханалар қәрежетлериниң бир бөлегин қаплаў тәртибин ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды. Келеси жылдан баслап ҳәр бир аймақтағы бир районнан усы жаңа система тәжирийбеден өткерилип енгизиледи.

Районлардан ўәлаят орайларына қатнайтуғын автобуслардың ескиргени, айырымлары хызмет мүддетинен артық пайдаланылып атырғаны көрсетип өтилди. Автобуслар менен тәмийинлениў дәрежеси ҳәр 100  мың халыққа 24ти қурайды. Бул көрсеткиш Сурхандәрья, Қашқадәрья, Наманган ҳәм Әндижанда  15 ке де жетпейди. Транспорт паркин жаңалаў ушын келеси жылы қосымша 800 автобусқа зәрүрлик бар.

Елимизде ислеп шығарылып атырған автобуслардың баҳасы сырт елдикине салыстырғанда жоқары екени, соның ушын локализациялаў дәрежесин арттырып, автобус ҳәм микроавтобуслардың баҳасын түсириў зәрүр екени атап өтилди.

Жолаўшы тасыйтуғын кәрханалар автобус сатып алыў ушын алынатуғын кредитлер процентиниң орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан жоқары бөлегин қаплаў ҳәм оларға кепиллик бериў тәртибин енгизиў тапсырмасы берилди.

Самарқанд елимиздеги ең үлкен қалалардан бири, оған туристлер де көп келеди. Соның ушын Президентимиз бул жерде жәмийетлик транспорттың жөнелислерин оптималластырыў зәрүрлигине айрықша итибар қаратқан еди.

Ўәлаят ҳәкимлиги ҳәм жуўапкер министрликлерге Самарқанд қаласында қолайлы транспорт системасын жаратыў бойынша Бас режениң жойбарын ислеп шығыў тапсырылды. Онда ири кесилиспелердиң өткериўшеңлик қәбилетин арттырыў, өз алдына автобуслар жолының ҳәрекетин шөлкемлестириў, көп орынлы автобуслар қойыў ҳәм интервалларын қысқартыў илажлары белгиленеди. Сондай-ақ, елимиздеги 30 қала бойынша сондай бас режелер ислеп шығылады.

Транспорт университетиниң жумысын тараўдағы реформалар менен тығыз байланыстырыў, профессор-оқытыўшы ҳәм студентлерди бул процесске кеңнен тартыў бойынша көрсетпе берилди.

– Транспорт-логистика мәселелерине көп жыллар илимий қатнас жасалмады. Заманагөй кадрлардың жетиспеўшилиги бул тараўдағы ең қыйын машқала, – деди Президент.

Халықтың талабынан келип шығып, жаңа жөнелислерди ашыў, барларын  қайта көрип шығыў, автобус бәндиргилерин реконструкциялаў, оған жеке меншик секторды тартыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Бул бағдардағы илажлардың орынланыўы сол жерлерге шыққан ҳалда үйренип барылатуғыны, халық депутатлары кеңеслеринде ҳәр үш айда транспорт системасы басшыларының есаплары тыңланып, анық ўазыйпалардың қойылатуғыны белгиленди. Тараўға байланыслы нызамлардың бүгинги күн талабына жуўап бермейтуғынларын жетилистириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Додаланған мәселелер бойынша министрлер, ҳәкимлер ҳәм басқа да жуўапкерлер мәлимлеме берди.

 

ӨзА