Өзбекстан Республикасы Президентиниң

п ә р м а н ы

Қурылыс тармағын буннан былай да жетилистириў, архитектура ҳәм қурылыс уйымлары ҳәм мәкемелерин избе-из раўажландырыў механизмлерин қәлиплестириў, мәмлекетлик басқарыў системасының нәтийжелилигин тәмийинлеў, тараўға санлы технологияларды жедел енгизиў мақсетинде:

  1. 1. Төмендегилер Өзбекстан Республикасы қурылыс тармағын модернизациялаў, жедел ҳәм инновациялық раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:

аймақларды қала қурылысы жағынан раўажландырыў ҳәм бул процессте жәмийетшиликтиң нәтийжели қатнасыўын тәмийинлеў;

қала қурылысы жумысларының сапасы ҳәм қәўипсизлигин арттырыў;

қала қурылысы жумысы тараўындағы ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалардың нәтийжелилигин, рационаллығы ҳәм анықлығын тәмийинлеў, сондай-ақ, қурылыс тармағы шөлкемлери жумысының нәтийжелилигин арттырыў;

қала қурылысы жумысларын санластырыў, тармаққа заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў:

қала қурылысы жумысы тараўында кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў системасын жетилистириўилимий потенциалды раўажландырыў.

  1. 2. Төмендегилер:

Өзбекстан Республикасы қурылыс тармағыни модернизациялаў, жедел ҳәм инновациялық раўажландырыўдың 2021-2025-жылларға мөлшерленген стратегиясы (кейинги орынларда ­ Стратегия) 1-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасы қурылыс тармағын модернизациялаў, жедел ҳәм инновациялық раўажландырыў стратегиясын 2021-2025-жылларда әмелге асырыў бойынша «Жол картасы» 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. 3. Төмендегилерди нәзерде тутыўшы Өзбекстан Республикасы қурылыс тармағын модернизациялаў, жедел ҳәм инновациялық раўажландырыўдың 2021-2025-жылларға мөлшерленген стратегиясын әмелге асырыў бойынша мақсетли көрсеткишлер2-қосымшаға муўапық белгиленсин:

2025-жылдың ақырына барып «Бизнес жүргизиў» халықаралық индексинде (Doing Business Index)  «Қурылысқа рухсатнамалар алыў»» (Dealing with Construction Permits) бағдары бойынша Өзбекстан Республикасы позициясын әмелдеги 61,7 баллдан 78,2 баллға шекем жақсылаў;

Өзбекстан Республикасының геологиялық, тәбийғый-ықлым, сейсмологиялық ҳәм басқа да өзгешеликлерин инабатқа алған ҳалда 2025ө-жылға барып миллий қала қурылысы нормалары ҳәм қағыйдаларын кеминде 50 процент дәрежесинде халықаралық норматив ҳәм стандартлар менен сәйкеслендириўге ерисиў;

2025-жылға барып қалалардың барлығын ҳәм қалалық посёлкалардың 25 процентин бас режелер менен қамтып алыўға ерисиў;

2025-жылға барып «Ашық қурылыс» миллий мәлимлеме системасы шеңберинде қосымша төрт электрон платформа жаратылыўын, сондай-ақ, олардың мәкемелер аралық мәлимлеме системалары ҳәм мағлыўматлар базалары менен интеграцияланыўын тәмийинлеў;

жойбар-смета ҳүжжетларин ислеп шығыўдың «көлем» усылын енгизиў үлесин 2025-жылға барып республикадағы қурылыс объектлериниң улыўма санының 50 процентине шекем жеткериў;

2025-жылға барып архитектура ҳәм қурылыс тараўындағы жоқары билимлендириў мәкемелеринен бириниң халықараклық тән алынған шөлкемлер рейтинглериндеги Азия мәмлекетлериниң ең жақсы жоқары билимлендириў мәкемелери дизимине (ТОП–1000) кириўи.

  1. 4. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2021-жыл 1-январьдан баслап қурылыс үстинен жәмийетлик қадағалаўды тәмийинлеў мақсетинде:

а) елатлы пунктлердиң бас режелери жәмийетлик додалаў нәтийжелерин есапқа алған ҳалда тастыйықланады. Бунда елатлы пунктлердиң бас режелерин жәмийетлик додалаў төмендеги тәртипте әмелге асырылады:

I басқыш ­ пуқараларды жәмийетлик додалаў өткериў мүддетлери, орны ҳәм тәртиби менен таныстырыў;

II басқыш  ­ елатлы пункт бас режесиниң жойбары бойынша жәмийетлик додалаўларды (жасаўшылар, жерден пайдаланыўшылар ҳәм көшпес мүлк объектлери мүлк ийелериниң додалаўлары, социаллық сораўлары, пикирлерин топлаў ҳәм басқа усыллар) өткериў;

III басқыш ­ жәмийетлик додалаўдың белгиленген нәтийжелери тийкарында жәмийетлик пикирди талқылаў;

IV басқыш ­ жәмийетлик додалаў нәтийжелери ҳаққында ғалаба хабар қураллары, соның ишинде, интернет тармағы арқалы халықты хабардар етиў;

б) елатлы пунктлер бас режелериниң юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплери, жәмийет ҳәм мәмлекет мәплерине муўапықлығы бойынша жәмәәтшилик экспертизасын әмелге асырыў имканияты енгизиледи;

в) елатлы пункттиң усыныс етилген бас режесинен наразы болған жәмийетлик қадағалаў субъектлериниң басламасына бола елатлы пункттиң альтернатив бас режесин ислеп шығыў яки оған өзгерис (дүзетиў) киргизиў механизми енгизиледи;

г) елатлы пунктлер бас режелериниң жәмийетлик додалаўын шөлкемлестириў жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жуўапкершилигине жүкленеди.

  1. 5. 2021-жыл 1-марттан баслап:

а) еки қабаттан жоқары (цокольды есапқа алмаған ҳалда), бийиклиги жер бетинен 12 метрден ҳәм (яки) улыўма майданы 500 квадрат метрден артық болған имарат ҳәм қурылмаларды, соның ишинде, жеке тәртиптеги турақ жайларды қурыў ҳәм реконструкциялаў объекттиң смета ҳүжжетлери мәжбүрий экспертизадан өткерилген және объекттиң қурылыс министрлиги жанындағы қурылыс тараўында аймақлық қадағалаў инспекциялары тәрепинен мәмлекетлик қурылыс қадағалаўы орнатылған ҳалда әмелге асырылатуғыны белгиленсин;

б) төмендегилер:

жай қурыўшылар ­ физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге, тийкарғы жумыс түри сыпатында қурылыс-монтажлаў жумысларын әмелге асырыўшы шөлкемлер буған кирмейди, еркин түрде (хожалық усылында), қурылыс шөлкеми менен қурылысты бөлип алыў шәртнамасын дүзбестен еки қабаттан жоқары (цокольды есапқа алмаған ҳалда), бийиклиги жер бетинен 12 метрден ҳәм (яки) улыўма майданы 500 квадрат метрден артық болған имарат ҳәм қурылмаларды қурыў ҳәм реконструкциялаў;

елатлы пунктлер аймақларының функционал зоналарында жайласқан, бундай түрдеги қурылыс ушын мөлшерленбеген жер участкаларында көп қабатлы көп квартиралы жайларды қурыў;

жойбар ҳүжжетлерин экспертизадан өткерместен бар болған имарат ҳәм қурылмалардың, соның ишинде, жеке тәртиптеги  турақ жайлардың қабатлары санын көбейтиў (үстинги қабат қурыў);

өзгертилген жойбар ҳүжжетлерин экспертизадан өткерместен қурылып атырған имарат ҳәм қурылмалардың қабатлары санын (жойбар ҳүжжетлерин өзгертиў жолы менен) көбейтиў қадаған етиледи;

в) жойбар ҳүжжетлери бойынша унамлы эксперт жуўмағы эксперт шөлкеми тәрепинен «Ашық қурылыс» миллий мәлимлеме системасындағы «Эксперт жуўмақларының бирден-бир реестри»не киргизилген жағдайда ҳақыйқый деп тән алынады, мәмлекетлик сырды қурайтуғын мағлыўматларды өз ишине алған жойбар ҳүжжетлери бойынша эксперт жуўмақлары буған кирмейди.

  1. 6. Қурылыс министрлигине техникалық тәртипке салыў тараўындағы миллий нормативлик ҳүжжетлерди, мәмлекетлик стандартларды ислеп шығыў ҳәм қайта ислеў, сондай-ақ, қала қурылысы жумысы тараўындағы сырт елдиң нормативлик ҳүжжетлерди бейимлестириў бойынша жумыслар (товарлар, хызметлер)дың мәмлекетлик сатып алыўларды, кейин ала олар ҳаққындағы мәлимлемени шәртнама дүзилген сәнеден баслап үш күннен кешиктирмей мәмлекетлик сатып алыўлар арнаўлы мәлимлеме порталында жайластырған ҳалда, тиккелей шәртнамалар бойынша әмелге асырыўға рухсат берилсин.
  2. 7. Қурылыс министрлиги (Б.И.Закиров) мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте:

еки ай мүддетте жеке тәртиптеги турақ жай қурылысы тараўындағы сейсмикалық ҳәм өрт қәўипсизлигин тәмийинлеўге айрықша итибарды қаратқан ҳалда, бул тараўда ҳуқықый тәртипке салыў механизмлерин жетилистириўди нәзерде тутыўшы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбары Министрлер Кабинетине киргизилиўин;

2020-жыл 1-декабрьге шекем Қурылыс тараўында электрон мәмлекетлик сатып алыўларды өткериў тәртиби ҳаққындағы ўақытша реже жойбары Министрлер Кабинетине тастыйықлаў ушын киргизилиўин;

2021-жыл 1-июньге шекем басланғыш рухсат бериў ҳүжжетлери, жойбар-смета ҳүжжетлерин ислеп шығыў, оларды экспертизадан өткериўден тартып объектлерди пайдаланыўға тапсырыўға шекемги барлық қурылыс процесслерин нәзерде тутыўшы Бирден-бир административлик қурылыс регламентиниң ислеп шығылыўын;

2021-жыл 1-июньге шекем алдынғы халықаралық тәжирийбени үйрениў тийкарында жойбарлаў-излеў ҳәм қурылыс жумысларына қамсызландырыў принциплерин басқышпа-басқыш енгизиў бойынша усыныслар Министрлер Кабинетине киргизилиўин;

2021-жыл 1-августқа шекем Қурылыс министрлигиниң Коррупцияға қарсы гүресиў комплаенс системасының енгизилиўин, 2022-жыл 1-январьға шекем болса ISO  37001 халықаралық стандартына (Коррупцияға қарсы гүресиў менеджменти системасы) муўапықлық сертификаты алыныўын;

2021-жыл 1-сентябрьге шекем пуқараларға қурылып атырған объектлер ҳаққында еркин түрде мәлимлеме алыў, нызамсыз қурылысларды анықлаў, қурылыс объектлеринде анықланған қағыйда бузылыўшылықларды белгилеў (фото ҳәм видеоматериаллар көринисинде) ҳәм оларды қурылыс тараўындағы қадағалаў бойынша ўәкилликли уйымларға жибериў имканиятын бериўши «Дыққатлы пуқара» электрон системасының жаратылыўын;

2022- жыл 1-мартқа шекем Халықаралық социаллық тәмийнат ассоциациясының ((ISSA) концепциясын енгизиўге тийкарланған «Қурылыс майданшаларында жарақатланыўға шек қойыў» бағдарламасының ислеп шығылыўын;

2022-жыл 1-июльге шекем қала орталығы элементлериниң мақсети, дәстүрий архитектура ҳәм мәденияты, сондай-ақ, орынның тәбийғый-ықлым шараятларын есапқа алған ҳалда аймақлық «дизайн-код»тың ислеп шығылыўы ҳәм енгизилиўин;

2022-жылдан баслап, ҳәр жылы 1-декабрьге шекем ағымдағы жыл ўазыйпаларының орынланыўын терең талқылаған ҳалда келеси жылы усы Стратегияны әмелге асырыў бойынша илажлар бағдарламасын тастыйықлаў ҳаққындағы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарының ислеп шығылыўын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизилиўин тәмийинлесин.

  1. 8. Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (Н.Б.Хусанов) ҳәм Сыртқы ислер министрлиги (А.Х.Камилов) мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2021-жыл 1-июньге шекемги мүддетте Халықаралық мийнет шөлкеминиң қурылыста мийнет қәўипсизлиги ҳәм гигиенасы ҳаққындағы 167-санлы Конвенциясына Өзбекстан Республикасының қосылыўы мақсетке муўапықлығын үйренип шықсын ҳәм үйрениў нәтийжелерине бола Министрлер Кабинетине тийкарланған усыныслар киргизсин.
  2. 9. Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов), Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (И.И.Норқулов) ҳәр жылы Мәмлекетлик бюджет параметрлерин қәлиплестириўде Стратегияны әмелге асырыўға байланыслы «Жол картасы»нда көрсетилген илажларды әмелге асырыўда бағдарлар бойынша зәрүр қаржылар ажыратылыўын нәзерде тутсын.
  3. 10. Ташкент қаласы Қурылыс бас басқармасы ҳәм Ташкент қаласы районларының қурылыс бөлимлери қурылыс министрлигининиң бойсыныўына берилсин.

Қурылыс министрлиги (Б.И.Закиров) еки ай мүддетте Ташкент қаласы қурылыс бас басқармасы ҳәм Ташкент қаласы районлары қурылыс бөлимлериниң ўазыйпалары, функциялары ҳәм шөлкемлестириў структураларын қайта көрип шықсын және Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына усыныслар киргизсин.

  1. 11. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарына;

Стратегияның өз ўақтында ҳәм нәтийжели орынланыўы үстинен парламентлик қадағалаўды орнатыў;

министрликлер ҳәм уйымлар, сондай-ақ, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң Стратегияны әмелге асырыў шеңберинде исленген жумыслар ҳаққындағы есабатларын ҳәр шеректе Сенат ҳәм Нызамшылық палатасы мәжлислеринде тыңлап барыў усыныс етилсин.

  1. 12. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 4-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
  2. 13. Қурылыс министрлиги (Б.И.Закиров) басқа мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. 14. Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде Бас министрдиң орын басарлары (А.Ж.Раматов,Ж.А.Қўчқоров, С.У.Умурзаков):

жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың усы Пәрманда нәзерде тутылған көрсеткишлерге толық ҳәм өз ўақтында ерисилиўин тәмийинлеў бойынша биринши гезектеги ўазыйпаларын белгилесин ҳәм олардың жумысын муўапықластырсын;

зәрүр қаржылардың өз ўақтында ажыратылыўын, мәнзилли жумсалыўын ҳәм толық өзлестирилиўин тәмийинлесин;

ҳәр айда жуўапкерлердиң исленген жумыслар ҳаққындағы есабатларын тыңлап барсын;

жуўапкершилигине жүкленген ўазыйпалардың толық ҳәм өз ўақтында орынланыўын тәмийинлемеген лаўазымлы шахсларға  ийелеп турған лаўазымынан азат етиўге шекем болған тәсир шараларын қолланыў ҳаққында усыныслар киргизип барсын;

Қурылыс министри Б.И.Закиров:

еки ҳәпте мүддетте қурылыс тармағын раўажландырыўдың белгилеп қойылған тийкарғы бағдарлары бойынша уйымлар аралық жумысшы топарларын дүзсин;

усы Пәрманда нәзерде тутылған көрсеткишлерге ерисиў процесинде жүзеге келетуғын ағымдағы машқалаларды орнында тез шешиў илажларын көрсин.

15 15. Усы Пәрманның орынланыўын ҳәр шеректе додалаў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары А.Ж.Раматов ҳәм қурылыс министри Б.И.Закировқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы Президентине ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги ҳаққында мәлимлеме берилсин.

 

Өзбекстан Республикасы

 Президенти                                     Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы,

2020-жыл, 27-ноябрь