Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети Жаслар ислери агентлиги және Мәденият министрлиги менен биргеликте «Back To The Theater» турын шөлкемлестирмекте. Бул ҳаққында комитеттиң ҚР аймақлық басқармасы хабар берди.
Тур шеңберинде Ташкент қаласында поп-рок бағдарында дөретиўшилик етиўши «Электрооко» топары тәрепинен 1-13-декабрь күнлери Өзбекстанның қалалары бойлап концерт бағдарламасы ҳәм билимлендириў бойынша баянатлар шөлкемлестириледи.
Турдың мақсети – сапалы ҳәм жанлы музыка арқалы жасларды мәмлекетлик театрларға қайтарыў, сондай-ақ, ишки туризмди раўажландырыў болып табылады.
Музыкалық топардың жетекшилери Ашот Даниелян ҳәм белгили журналист Никита Макаренко болып, барлық илажлар эпидемиологиялық талаплар тийкарында тамашагөйлердиң социаллық аралықты сақлаған ҳалда өткериледи. Билетлердиң баҳасы 15 мың сумды қурайды. Түскен қаржылардың барлығы аймақлардағы театрлардың өзинде олардың жумысларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде қалдырылады.
Поп-рок топарының концерти ҳәм баянатлары 2020-жыл 11-декабрь күни саат 18:00 де Нөкис қаласындағы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында болып өтеди.
Театр кассасының телефон номери: +99891 384 70 69
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.