Өзбек миллий академиялық театры жәмәәти ҳәзирги ўақытта республикамызда дөретиўшилик сапарда болмақта.
Сапар даўамында драматург Иззет Султанның «Ийман» ҳәм қарақалпақ жазыўшысы Оразбай Абдирахмановтың «Тирсеклер» спектакли тамашагөйлердиң нәзерине усыныў режелестирилген. Бул спектакльлерди Өзбекстанға хызмет көрсеткен артист Марат Азимов сахналастырған.
25-ноябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында дөретиўшилик сапардың ашылыў мәресими болды. Онда Өзбекстан халық артисти, мәмлекетлик сыйлықлардың лауреаты Ё.Ахмедов шығып сөйлеп, еки театр жәмәәти арасындағы дөретиўшилик байланыслардың әҳмийетине тоқтап өтти. Тамашагөйлердиң нәзерине усынылатуғын бул спектакльлер еки театр актёрлары тәрепинен биргеликте өзбек ҳәм қарақалпақ тиллеринде атқарылады.
Усы күни драматург Иззат Султанның «Ийман» спектакли қойып берилди. Оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.
Өзбек миллий академиялық театры жәмәәтиниң дөретиўшилик сапары 2-декабрьге шекем даўам етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги